Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа корықханасын дүзиў ҳаққында»ғы (27.09.2022) қарары тастыйықланды.

Бул қарар менен тәбиятты қорғаў мәмлекетлик мәкемеси түринде Қоңырат районында улыўма майданы 280 000 гектар болған «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа корықханасын дүзиў белгиленди.

Сондай-ақ, қорықханаға ажыратылатуғын жер участкалары ҳәм қорғалатуғын зоналардың майданы, атқарыў аппаратының структурасы тастыйықланды.

Қарарға бола, «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы Мәмлекетлик экология комитетиниң структурасына киреди.

Буйыртпа қорықханасының жумысын қаржыландырыў 2022-жылы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорының қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан, 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары, Мәмлекетлик экология комитети Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.

Ҳүжжет пенен буйыртпа қорықханасы аймағында тәбийғый комплекслер ҳәм ландшафтлар, соның ишинде, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында болған өсимлик ҳәм ҳайўан түрлери қорғалатуғын тийкарғы объектлер есапланатуғыны, буйыртпа қорықханасы қорғалатуғын зонасындағы жерлер бул аймақларда жайласқан жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың ықтыярында қалатуғыны белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги