Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде дүньядағы 500 миллионға шамалас адам диабет пенен аўырмақта. Аянышлысы, олардың ҳәр екиншиси өзиниң кеселлиги ҳаққында билмейди. Бул машқаланың актуаллығын есапқа алып,  Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми қантлы диабетти XXI әсир эпидемиясы деп жәриялаған.   

Қәнигелер елимизде өткерилген изертлеўлерге бола, диабетли наўқаслар саны рәсмий статистикадан бир қанша көп болыўы мүмкинлигин ескертпекте. Бул болса, эндокринологларды усы мәселеге итибарлы болыўға, кеселликти ерте анықлаў ҳәм емлеўдиң инновациялық усылларынан пайдаланыўға ийтермелейди.

Нөкисте Президентимиздиң усы жыл 26-январьдағы «Эндокринология хызметин жетилистириў ҳәм көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы Қарарына тийкарланып өткерилген семинарлардың мақсети де қантлы диабет машқаласына эндокринологлардың, шаңарақ шыпакерлери ҳәм усы тараўда оқып атырған студент-жаслардың итибарын қаратыў, тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги, академик Ё.Х.Турақулов атындағы Республика қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда жергиликли эндокринологлар менен биргеликте Өзбекстанның усы тараўдағы жетик қәнигелери де қатнасты. Атап айтқанда, медицина орайының бөлим баслығы Т.Камалов, филиаллар менен ислесиў бойынша директорының орынбасары С.Фахрутдинова ҳәм басқалар баянат жасады.

Усы мәселеге бағышланған «Саламат турмыс тәризиниң тийкарлары ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы» темасындағы семинарлар Нөкис қаласынан тысқары Қоңырат, Шымбай ҳәм Беруний районларында да болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл  7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024–жылларда халықтың денсаўлығын қорғаўды күшейтиў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген илажларға республикамыздың барлық районларынан эндокринологлар қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги