Инсан қәдири

Бул дүньяның ислерине инсан ҳасла түсинбей-ақ өтеди. Бири-биринен зәҳәр, бири-биринен түршек, бири-биринен татлы. Гейде солар шатасып кетсе ақыл-еслер ҳайраныў-лал болады. Ал енди өзиңниң айыпсыз екениңди билсең де, дөҳмет етип, қәпелимде сени жынаятшыға айландырса, буннан жаманы болмаса керек… Өйткени, “судланған” деген тамға менен бир өмир жасаў жүдә аўыр.

Әлбетте, судтың қарары ҳәмийше соңғы сөз есапланады. Сонлықтан, оны додалаў бизиң ўазыйпамыз емес. Бирақ, мәселениң басқа тәрепи бар: суд қарар шығарғанда процессуаллық нызам талапларына бойсынды ма, өз ўазыйпаларын толық орынлады ма, бирнемелерди билип-билмей умытып қалдырмады ма?!

Әдетте, әдил судлаў ҳаққында сөз болғанда, көз алдымызда, тек ғана нызам шеңберинде, барлық дәлийллерди терең үйренип шығып, әдалатлы қарар шығарыўшы судьялар геўделенеди. Бирақ, көп жыллар даўамында тергеў ҳәм суд уйымларының нызамсыз қарар ҳәмде ҳүкимлери артынан көплеген инсанлар наҳақ айыпланып, айыпсыз жаза өтеўге мәжбүр болғаны ҳеш кимге сыр емес. Солай болса да, бул органларда қалыс ҳәм пидәйы ислейтуғын хызметкерлер аз болса да бар еди… Умытпаўымыз керек, судлардың бийғәрезлигин тәмийинлеў бойынша иләжлардың басланғанына елеберин көп ўақыт бола қойғаны жоқ.

Дөҳмет бәлеси

 Әзел-әзелден ата-бабаларымыз дуўа-пәтияға қол жайғанда, «суў, от ҳәм жала бәлесинен сақласын!», деп бийкарға нийет етпеген. Себеби олар ойламағанда пайда болып, бир майданда ҳәр қандай инсанның тәғдирин пүткиллей өзгерттирип жибериўи мүмкин.

Оставкадағы генерал-майор, 2-дарежели «Шон шараф» ордениниң ийеси, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли профессоры, “Ўзбекистон Республикаси Халқ таълим вазирлигининг ҳомийси” ҳүрметли атақлары менен сыйлықланған. Мақсет Бабаниязовты көпшилик тек ол бир ўақытлары Ишки ислер министри болғаны ушын ғана емес, ал искер ҳәм тәжирийбели басшы, көпти көрген, өзиниң инсаныйлық пазыйлетлери менен ел арасында кеңнен танылған, ҳадал ҳәм жүдә кеңпейил инсан сыпатында таныйды. Биразлар оны “Өзимиздиң генерал”, “Халық генералы” деп те айтады. Тилекке қарсы, ол да дөҳмет бәлеси себепли әдалатсызлыққа дуўшакер болып, наҳақтан жәбир шеккенлердиң бири болды.

“Бәле-қәде қайда жатыр, бассаң аяқ астында” дегенлери рас екен. Әпиўайы ғана күнлердиң биринде М. Бабаниязов бир жынаятта гүманланыўшы сыпатында прокуратураға шақырылды. Тергеў-сорастырыў жумыслары дәрҳал баслап жибериледи ҳәм ол узақ даўам етеди. Жазығы жоқ екенлигин сонша дәлийллеп берсе де, ҳеш пайдасы болмайды. Бийпайда екенлигин оның өзи де жақсы түсинди. Неге дегенде, сондай бир жарамас әмелият бар: судланыўшының мойнына аўырлаў жынаятты илдирип қойыў ушын “керекли көрсетпе”ни беретуғын “ылайықлы” гүўалар таңлап алынады. Себеби, оларды “өзлери жазған намаға” бүлбилдей “сайратып” қәлеген ғәрез нийеттеги “көрсетпе”ни алыў дым  қыйын болмайды. Бундай “сыналған усыл” менен ўақтында қаншадан-қанша айыпсыз адамлар қамалып кеткенин бүгин ким билмейди дейсиз?!

Тийкарсыз айыплаў ҳәм наҳақ ҳүким

Қулласы, жала дигирманы тез пәт пенен айланды. “Буйыртпа” менен  таярланған тергеўдиң тийкарсыз айыплаў жуўмағы судқа өткерилди. Гүўа болмышлар, судланыўшы менен тергеўде жүзлестириў өткерилмесе де, туўры қамақханадан суд залына әкелинди. Қамақханадан әкелинди дегенимниң себеби, тап басқасы қапылғандай, гуўалардың екеўи де алдыўшылық жынаяты менен қайта-қайта қамалып жүрген ҳәм сол ўақытта нәўбеттеги жаза мүддетин өтеп атырған қәўипли рецидивистлер еди.  Мине, сол жерде ядлап қулағына қуйып алған, олардың еле анық дәлийллер арқалы тастыйықланбаған жалған көрсетпелери менен-ақ, тап “қамырдан қыл суўырғандай” пәкизе  ғана үлкен бир генералға Жынаят кодексиниң еки статьясы менен жүдә аўыр  айып тағылды.

Суд ҳақыйқатты анықлап отырмастан, айыпсызлық презумпциясы принциплерине ҳәмде айыплаў ҳүкимин шығарыў талапларына әмел етпестен, судланыўшының келтирген дәлийллерин есапқа алмаў себеплерин көрсетпестен, тек дәслепки тергеўдиң нызамсыз айыплаўын тастыйықлады да, наҳақ ҳүким шығарып, әдалатсыз  қарар қабыл етти. Солай етип, сол ҳалында процессуаллық нызам қағыйдаларын бир шетке ысырып қойып,  Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының 2013-жыл 22-октябрьдеги ҳүкими менен жаза тайынланды, бир инсанның ҳуқықы көз-көреки бузылып, жипә-жиксиз қәдир-қымбаты аяқ-асты етилди.

Узақ  күткен әдалатлық

Инсан намысы өмирде ҳәмме нәрседен де үстин турады. Бирақ, оны қорғаў ушын адамға жүдә қайсар руўх, терең сабыр-тақат зәрүр. “Жақсы нийет – ярым ырыс” дегенлериндей, бир күн келип ҳақыйқат жүзеге шығатуғынлығына М. Бабаниязовтың исеними сөнбеди, ол ҳасла үмитин үзбеди, жақсы нийет етти… Өзине наҳақтан қойылған айыплаўларды алып таслаўды, ҳуқықын тиклеўди сорап жыллар даўамында суд мекемелерине қатнап сирә жалықпады, шаршамады…

Ақыры, Президент Халық қабыллаўханасы араласыўы нәтийжесинде 2-август күни Өзбекстан Республикасы Жоқары суды кассация инстанциясының уйғарыўы менен усы жынаят иси бойынша Жоқары суд баслығының орынбасары тәрепинен келтирилген  протест қанатландырылып, наҳақ ҳәм әдалатсыз шығарылған биринши инстанция судының ҳукими бийкар етилди, генерал-майор Мақсет Бабаниязов  жынаятқа қатнасы жоқ екенлиги ҳәм қылмысында жынаят қурамы болмағанлығы себепли Жынаят-процессуаллық кодексиниң 83-статьясы 2,3-бәнтлери тийкарында айыпсыз деп табылып, реабилитация етиў жолы менен толық ақланды. Көптен күтген әдалатлық тикленди!

“Жаратқан ийем сүйген бендесине сынақ береди” деген ибратлы гәп бар. Буның төркининде терең мәни жатырған шығар, бәлким. Сонда да, не-не тәшўишли демлер, не-не уўайымлы күнлер, ҳәтте узақ жыллар, енди бәри артта қалған болса да, бәри-бир, кеўилдеги жарақат тегинликте питпейди екен…  Бирақ сол нәрсе анық, ағып турған дәрья ақпай қалыўы мүмкин емес. Тап сағадан бөгесе де, түбинде ағады. Дәслеп әсте оқпан таўып, кейин жыққын жығып бурқасынлап күшли ағады, есилип тынбай ағады…

А. Абдимуратов,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги