Бажыхана уйымлары тәрепинен товар-материаллық байлықлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз кирип келиўи ҳәм ишки аймақларда айланыста болыўының алдын алыў, контрабандаға қарсы гүресиў бағдарында бир қатар арнаўлы илажлар әмелге асырылмақта.

Нызамшылықта белгиленгениндей, бажыхана уйымлары тәрепинен услап қалынған, сапасы кепилленбеген, арнаўлы маркировкалар менен қадақланбаған, сондай-ақ, ҳүкимет қарарлары тийкарында алып кирилиўи қадаған етилген товар-материаллық байлықлар бойынша жүргизилген ис ҳүжжетлери тергеў ҳәм суд уйымлары тәрепинен көрип шығылады.

Кеше бажыхана уйымлары тәрепинен нызамсыз айланыстан алынған ҳәм тергеў нәтийжелерине бола жоқ етилиўи белгиленген 48 литр спирт ҳәм 2700 дана темеки өнимлери жоқ етилди.

Нөкис қаласында өткерилген илаж даўамында Мәжбүрий орынлаў бюросы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы, Бажыхана басқармасы ҳәм басқа да мәкемелердиң жуўапкер ўәкиллери тәрепинен спирт өнимлерин жерге төгип жибериў, ал темеки өнимлерин өртеп жибериў арқалы жоқ етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги