Президент Шавкат Мирзиёев 21-сентябрь күни химия санатында ерисилген тийкарғы көрсеткишлер ҳәм режелестирилген жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Реформалар нәтийжесинде химия санаатында өним түри көбейип, рентабеллик артты. Быйыл 8 айда 1 миллион тоннадан аслам минерал төгин ислеп шығарылды. Экспорт дерлик 2 есеге көбейип, 330 миллион долларға жетти.

Және бир әҳмийетли тәрепи, тараўға инвесторлардың исеними артып, инвестиция киргизиўди баслады. Соның ишинде, ҳәзирги күнде жеке меншик сектор химия тармағында 2 миллиард долларлық 15 жойбарды әмелге асырмақта. Олардың 5 еўи жақында иске қосылды.

Соның менен бирге, тараўды жоқары қунлы өним ислеп шығаратуғын тармаққа айландырыў бойынша еле исленетуғын жумыслар көп. Кәрханаларды шийки зат пенен тәмийинлеў ҳәм технологиялық жаңалаў, химия кластерлерин шөлкемлестириў, өндиристи кеңейтиў зәрүр.

Презентацияда бул бағдарда орынланған жумыслар ҳәм жылдың ақырына шекем күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы келешектеги ўазыйпаларды көрсетип өтти.

Ҳәммемизге белгили, Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы ири кәрханалар тийкарында 4 химия кластери шөлкемлестирилмекте. Олар шийки заттан таяр өнимге шекем ислеп шығаратуғын болады. Ҳәзирги күнде 1,8 миллиард долларлық 14 жойбар әмелге асырылмақта ҳәм 5,6 миллиард долларлық және 29 жойбар режелестирилген.

Президентимиз усы кластерлердиң жумысын нәтийжели жолға қойыў ушын жойбарлаў офисин дүзиў, бос турған майданларды лотларға ажыратып, жеке меншик инвесторларды тартыў керек екенлигин айтты.

Химия заводларында алдыңғы тәжирийбе ҳәма заманагөй технологияларды енгизиў, олардағы мәмлекеттиң үлесин меншиклестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Дүньядағы ҳәзирги қурамалы жағдайда аўыл хожалығын минерал төгин менен үзликсиз тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Базарда бәрқулла талап болған және бир бағдар – турмыслық химиялық қураллар. Ҳәзирше бул талаптың үлкен бөлеги импорттың есабынан қапланбақта. Жергиликли өнимлердиң орнын арттырыў ушын шийки зат ҳәм сапа керек. Соның ушын бул бағдарда жеке меншик секторға кең орын берип, оларды шийки зат пенен тәмийинлеў, халықаралық брендлерди алып келиў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА