Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси алдынан жәрияланған «Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммити: өз-ара байланыстағы дүньяда қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў» атамасындағы концептуаллық мақаласы БМШ Бас Ассамблеясы 77-сессиясының рәсмий ҳүжжети сыпатында тарқатылды.

Ҳүжжет, сондай-ақ, БМШ журналында да басып шығарылған.

Мәмлекетимиз басшысының бул мақаласы ШБШның Самарқанд саммити алдында сырт ел ғалаба хабар қураллары тәрепинен кеңнен жарытылғанын атап өтиў орынлы. Бул болса, сөзсиз, ШБШ жумысына қызығыўшылық ҳәм итибардың күшейиўине түртки болды.

Мағлыўмат ушын, бул мақала дүньяның 35 тен аслам мәмлекетиндеги 150 ден артық сырт ел ҒХҚда оннан артық шет тиллерде басып шығарылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги