Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни өзиниң экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи Сума Чакрабартиди қабыллады.

Ушырасыўда елимиздеги экономиканы ҳәм басқарыўды реформалаў көлеминде ерисилген нәтийжелер ҳәм усы бағдардағы алдағы режелер көрип шығылды.

Кеңесгөй Чакрабарти Өзбекстан жетекшисин Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммити табыслы өткерилгени менен қутлықлап, Президентимиз тәрепинен алға қойылған Улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында Самарқанд тилеклеслиги басламасын жоқары баҳалады.

Мәмлекетимиз басшысы баслы бағдарлардағы жаңаланыўларды биргеликте пуқта таярлаў ҳәм кейин ала әмелге асырыў процесин даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти. Экономиканың әҳмийетли тармақларын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, мәмлекетлик басқарыўды трансформациялаў ҳәм нәтийжелилигин күшейтиў, жәмийетлик турмыстың барлық қатламларын санластырыў, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жаратыў, жаңа кадрларды таярлаў усылар қатарына киреди.

Сума Чакрабарти бул мәселелерде Өзбекстан Ҳүкиметине буннан кейин де белсене жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Еслетип өтемиз, Сума Чакрабарти Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи етип тайынланыўдан алдын сегиз жыл даўамында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти лаўазымында жумыс ислеген.

ӨзА