20-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекет басшылары Қырғызстан-Тәжикстан шегарасында жақында жүз берген қайғылы ўақыялар бойынша пикир алысты. Президентимиз қурбан болғанлардың шаңарақлары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди және жағдайдың ҳәўиж алыўын тоқтатыў бойынша еки тәреплеме келисимлерге ерисилгенин шын кеўилден қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери Шанхай бирге ислесиў шеңберинде өткерилген илажлардың нәтийжели жуўмақларын додалады.

Тийкарғы бағдарлардағы кооперациялық жойбарлар бойынша келисимлерди жүзеге шығарыў, «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги, соның ишинде регионаллық структуралар шеңбериндеги ушырасыўларға таярлықтың барысы да көрип шығылды.

ӨзА