16-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасыў ушын елимизде болып турған Ҳиндстан Республикасы бас министри Нарендра Моди менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўдиң басында мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды Ҳиндстан ғәрезсизлигиниң 75 жыллығы менен қутлықлады.

Тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиў мәселелерин додалады.

Еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыў пәтлери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер бирге ислесиўди өз-ара пайдалы  барлық бағдарларда буннан былай да кеңейтиў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти.

Жетекшилер өз-ара саўда көлеми кеңейип атырғанын атап өтти. Усы жылдың басынан товар алмасыў 30 процентке өсти. Кейинги алты жылда қоспа кәрханалардың саны 5 есеге көбейди.

IT, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында инвестициялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Жақын жылларда өз-ара саўданы 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, илим ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиў бағдарламаларын, сондай-ақ, инвестицияларды хошаметлеў ҳәм өз-ара қорғаў келисимин тез ўақытта қабыл етиў және әмелге асырыў зәрүрлиги айтылды.

Еки мәмлекет аймақларының арасындағы шериклик қатнасықларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан  Ҳиндстан менен транспорт байланысларын, соның ишинде, «Чобаҳор» портынан пайдалана отырып беккемлеўден мәпдар екени атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери сөйлесиўлердиң айрықша темасы болды. Кейинги жылларда Өзбекстанда Ҳиндстанның үш университети ашылды.

Биринши «Ҳиндстан – Орайлық Азия» онлайн саммитиниң жуўмақлары жоқары баҳаланды, бул платформа көлеминде қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳиндстан тәрепине БМШ Бас Ассамблеясының Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳаққындағы резолюциясын қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирилди.

Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем көрсетиў ҳәм оның экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мәселелери бойынша пикир алысылды. Нарендра Моди Өзбекстанның бул бағдардағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.

Бирге ислесиўдиң баслы бағдарларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў бойынша қосымша илажлар көриўге келисип алынды.

Ушырасыў ашық, шын кеўилден ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА