16-сентябрь күни ШБШның Самарқанд саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыўы болып өтти.

Режеп Тайиип Эрдоған Өзбекстан басшысын ШБШ саммити табыслы өткерилгени менен қутлықлап ҳүрметли мийман сыпатында қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда жетекшилер өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм исенимге тийкарланған көп қырлы Өзбекстан – Түркия бирге ислесиўин жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.

Өз-ара қатнасықлар ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени тийкарында сиясий-дипломатиялық, парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды және де тереңлестириў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Тәреплер быйыл 29-30-март күнлери Ташкентте жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде өз-ара пикир алысыўлар салмақлы дәрежеде жеделлескенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Еки мәмлекет арасындағы саўда көрсеткишлеринде сезилерли өсиў бақланбақта. Атап айтқанда, өткен жылы товар алмасыў 60 проценттен асты. Қоспа кәрханалар саны 2 мыңнан артты.

Тек ғана усы жылдың өткен дәўиринде ярым миллиард долларға шамалас инвестициялар өзлестирилди.

Түркия компаниялары Өзбекстандағы мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў процесинде қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирмекте.

Аўыл хожалығы, транспорт, электротехника, тоқымашылық ҳәм былғары санааты, инновациялар, жоқары технологиялар, тәризм ҳәм мәденият тараўларында жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Перспективалы бағдар сыпатында энергетика тармағы айрықша атап өтилди. Кейинги жылларда тәреплер дерлик 1 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырмақта.

Ушырасыўда болажақ илажлар, соның ишинде, Самарқандта өткерилиўи режелестирилген Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң режеси көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң ушырасыўы әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында болып өтти.

ӨзА