Ҳүрметли делегация басшылары!

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сизлерди Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде  шын жүректен қутлықлайман.

Әййемги ҳәм миймандос Самарқанд қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлектелердиң, бақлаўшы еллердиң басшыларын қабыллаў бахтына миясар болғанымнан қуўанышлыман.

Уллы жипек жолының нақ жүрегинде жайласқан бул ески қала мың жыллар даўамында миллетлераралық қарым-қатнас, өз-ара мәдений ҳәм руўхый бирге ислесиў, саўда ҳәм илимий алмасыўлар орайы сыпатында хызмет етип келген.

Бүгинги күнде пандемия ҳәм дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан Самарқанд және бир мәрте Евроазияның үлкен мәканының жетекшилерин бирлестиргени, халықаралық сиясий ҳәм экономикалық орайға айланғаны қуўанышлы болып табылады.

Мен әнжуманымызда биринши мәрте қатнасып атырған мәмлекет басшылары – Пакистан Ислам Республикасы Бас министри мырза Шаҳбоз Шариф, Түркия Республикасы Президенти мырза Режеп Таййип Эрдоған, Әзербайжан Республикасы Президенти мырза Илҳам Алиев, Түркменстан Президенти мырза Сердар Бердимуҳамедовты қызғын қутлықлайман.

Өзбекстанға хош келдиңиз!

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Биз ШБШға басшылығымыз даўамында Шөлкемимиз шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди жеделлестириў, оның потенциалы ҳәм халықаралық абырайын арттырыўға умтылдық.

Қәўипсизлик мәселелери менен бир қатарда саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратылды.

Шөлкем жумысының  барлық тараўларында көплеген басламалар әмелге асырылды. Пандемия ҳәм глобаллық кризис ақыбетлерине қарамастан, Басшылық режесин бирге толық әмелге асырыўға еристик. 80 нен аслам ири илажлар өткерилди. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бүгин қабыл етилген 40 тан аслам ҳүжжетте өз көринисин тапқан.

ШБШның барлық мәмлекетлери, сондай-ақ, Шөлкем Секретариаты ҳәм Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетине басшылығымызға жедел жәрдем бергени ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Дүньяда исеним ҳәм өз-ара бирин-бири түсинисиўдиң жетиспеўи сезилип, қарама-қарсылықлар ҳәм урыслар бақланып атырған бүгинги шараятта турақлылыққа ҳәм қәўипсизликке қәўиплер күшейди.

Климат өзгериўи, суў ҳәм тәбийғый ресурслардың жетиспеўи, пандемияның социаллық-экономикалық ақыбетлери, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги дағдарысы себепли заманымыз машқалалары турақлы раўажланыўға үлкен қәўип туўдырмақта.

Өз-ара исеним, әдиллик ҳәм аўызбиршиликке талап глобаллық масштабта барған сайын артпақта. Усы мүнәсибет пенен ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәр қашанғыдан да көбирек талап етилмекте.

Шөлкемимиз жумысы  усындай сөйлесиўди әмелге асырыў мүмкин екенин дүньяға көрсетпекте.

ШБШ ашық-айдынлық ҳәм блокларға қосылмаў принциплерине қатаң садықлығы себепли қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы қатнасықларды беккемлеп, халықаралық бирге ислесиўди табыслы түрде тереңлестирмекте.

Бүгин Иран Ислам Республикасының Шөлкемге толық ағза сыпатындағы миннетлемелери ҳаққындағы меморандумға қол қойылмақта. Бул тарийхый ўақыя менен Иран Президенти мырза Ибраҳим Раисийди ҳәм барлық кәсиплеслеримди шын жүректен қутлықлайман.

Египет Араб Республикасы ҳәм Қатар Мәмлекетине сөйлесиў бойынша шериклер статусын бериў ҳаққындағы меморандумға қол қойылғанын қанаатланыўшылық пенен қабыл етемиз.

Буннан тысқары, биз Беларусь Республикасына ШБШның толық ағзасы, Баҳрейн Патшасы, Кувейт Мәмлекети, Мальдив Республикасы, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Мьянма Аўқамы Республикасына – сөйлесиў бойынша шериклер статусын бериў бойынша процедураларды баслаў ҳаққында қарар қабыл етпектемиз.

ШБШның географиялық қамтып алыўы кеңейип атырғаны өз мысалында нәтийжелилик, өз-ара бирин-бири түсинисиў ҳәм әмелий ҳәрекетлерди көрсетип атырған Шөлкемимиз жумысының әҳмийетли екенлигин және бир мәрте тастыйықламақта.

Ҳүрметли делегация басшылары!

ШБШ өз раўажланыўының жаңа, және де жуўапкершиликли басқышына қәдем қоймақта. Мойнымызда бирге ислесиўдиң көплеген әҳмийетли ўазыйпаларын биргеликте шешиў ўазыйпасы тур.

Бизиң пикиримизше, бәринен бурын, Шөлкемниң блокларға қосылмаў статусын ҳәм оның ашық-айдынлығын сақлап қалыў әҳмийетли болып табылады.

Биз қәўипсизликтиң бир пүтинлик принципине қатаң әмел етемиз. ШБШның жумысы кең түрде  бирге ислесиўге қаратылған болыўы керек. Орайлық Азия ШБШның «географиялық ядросы» статусын сақлап қалыўы зәрүрлигине де беккем исенемиз.

«Шанхай руўхы» принциплери тийкарында тилеклеслик, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм шерикликти беккемлеў және бир тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Биз тек усы жол менен ғана ШБШ регионында тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўимиз мүмкин.

Усы принципиал көз қараслардан келип шығып ҳәм бүгинги халықаралық жағдайды есапқа алып, ШБШны 2040-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын таярлаўға   кирисиўимиз мүмкин, деп есаплайман. Бул программалық ҳүжжет көп қырлы бирге ислесиўимиздиң барлық бағдарларын қамтып алыўы, ШБШны узақ мүддетли раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын белгилеп бериўи зәрүр.

Бәринен бурын, саўда ҳәм инвестиция тараўындағы бирге ислесиўдиң әмелий тәсиршеңлигин арттырыў оғада әҳмийетли. Бул мәселе регионда турақлылықты тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлеримиз халықларының абаданлығын арттырыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып табылады.

Көринип турғанындай, көбирек экономикалық турақлылыққа ерисиўде регионаллық бирге ислесиўдиң исенимли моделлеринен падаланыў зәрүр. ШБШ мәмлекетлери арасында қысқалаў «тәмийнат таянышы»на ийе өндирис шынжырларын жаратыў ушын әмелий ҳәрекетлерге өтиў оғада әҳмийетли.

Биз ШБШ мәмлекетлери экономикаларының бирин-бири өз ара толықтырып барыўындағы абзаллықларын есапқа ала отырып, қолда бар потенциалды максимал дәрежеде арттырыўдан мәпдармыз. Усы мүнәсибет пенен ШБШның жаңа экономикалық қарым-қатнасын баслаў тийкарында санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиўдиң улыўма мәканын қәлиплестириўди усыныс етемиз.

Оның тийкарғы ўазыйпасы саўда ҳәм бажыхана тосықларын сапластырыўға, кепилленген ҳәм турақлы өндирис ҳәм тәмийнат шынжырларын қәлиплестириў, локализациялаў ҳәм импорттың орнын басыўға қаратылған  биргеликтеги бағдарламаларды хошаметлеўди нәзерде тутады.

Сондай-ақ,  бул ўазыйпа өз-ара инвестицияларды қорғаў ҳәм хошаметлеў, оларды биринши гезекте, инфраструктураны раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўына қаратыў арқалы биз жаратқан саўда-экономикалық бирге ислесўдиң барлық механизмлерин бирлестириў ҳәм жеделлестириўден ибарат болады.

Мәмлекетлеримиз арасында кең көлемли экономикалық бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм әмелий бирликтиң анық нәтийжелерине ерисиў мақсетинде Өзбекстанда ШБШ регионларының бизнес шериклиги ҳәптелигин өткериўди усыныс етемиз.

Санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм өз-ара саўданы қоллап-қуўатлаў мақсетинде ШБШ мәмлекетлери арнаўлы экономикалық зоналары альянсын дүзиўдиң тәрепдарымыз. Биз келеси жылы Самарқандта «Өзбекстан – ШБШ» санаат зонасы базасында арнаўлы зоналар администрациялары басшыларының биринши ушырасыўын өткериўге таярмыз.

Және бир илаж сыпатында ҳәр жылы ШБШ ири саўда ярмаркасын өткериўди, оның тийкарында бирден-бир электрон платформа  жаартыўды усыныс етемиз.

Биз қабыл етип атырған Регионлараралық саўданы раўажландырыў бойынша қоспа ҳәрекетлер режеси де буған жәрдем береди.

Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

Тән алыў керек, мәмлекетлеримиз аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң ири өндирисшилери, экспорт ҳәм импорт етиўшилери болыўына қарамастан, ШБШ масштабындағы азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери бойынша еле толық аўызбиршиликти жолға қоя алмадық.

Мәмлекетлеримиздиң потенциалы ишки базарларды масақлы егинлер, шарўашылық ҳәм мийўе-овощ өнимлери, тийкарғы азық-аўқат түрлери және зәрүр төгинлер менен турақлы тәмийинлеў имканиятын береди. Буннан тысқары, биз бул машқаланы глобал дәрежеде шешиўге үлес қосыўымыз керек.

Усы  мүнәсибет пенен Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң улыўма приниплерин ҳәм көзқарасларын ислеп шығыў зәрүр, деп есаплаймыз. Бул ҳүжжетте әмелдеги нормативлик-ҳуқықый базаны жақынластырыў, биргеликте изертлеўлер өткериў ҳәм жаңалықларды енгизиў бойынша анық илажларды нәзерде тутыў үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан тысқары, аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бағдарламаларына, тиккелей өз-ара тәмийнаттың муўапықластырылған схемаларын қәлиплестириўге, жоқары сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўге нәтийжели логистика, «жасыл» ҳәм экспресс-коридорларды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Усы турмыслық мәселелерди кең додалаў мақсетинде келеси жылы Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференция өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгин биз ШБШның Өз-ара байланысты беккемлеў ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын жаратыў концепциясын қабыл етпектемиз.

Концепцияның тийкарғы қағыйдаларын әмелиятқа толық енгизиў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қоллап-қуўатлаўы астында Ташкент қаласында Регионлараралық өз-ара байланыслылық орайын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Сондай-ақ, саммит көлеминде Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолының қурылысы ҳаққында үш тәреплеме келисимге қол қойылыўын да тарийхый ўақыя, деп есаплаймыз.

Сизлерди стратегиялық жақтан және бир әҳмийетли жойбар – Термиз –  Мозари-Шариф   – Қабул –Пешовар темир жолы коридоры қурылысын да қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Бул еки жойбардың әмелге асырылыўы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда-инвестицияны көбейтиў, улыўма алғанда, Шөлкемимиз мәканында турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеўде кең имканиятлар ашады.

Транспорт ҳәм коммуникациялар тараўындағы барлық перспективалы жойбарларды биз келеси жылы Өзбекстанда ШБШ биринши транспорт форумы шеңберинде додалаўымыз мүмкин болар еди.

Күн тәртибиндеги экологиялық машқалалар айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгин Климат өзгериўине мүнәсибет бойынша биргеликтеги билдириў қабыл етиў арқалы ШБШ бул қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде бирлик көрсетпекте.

Соның менен бирге, бәршемиз ушын оғада айрықша турмыслық әҳмийетке ийе болған тараўда әмелий бирге ислесиўдиң жаңа механизмлери ҳәм түрлери зәрүр болып табылады.

Биз өз қурамында сиясатшыларымыз, жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар ҳәм эксперт-экологлар, бизнес ўәкиллеримизди бирлестире алатуғын ШБШ Климат кеңесин дүзиўди усыныс етемиз.

Бундай формат климатқа бейимлесиў жойбарларын алға қойыў, шөллениўге ҳәм топырақ деградациясына қарсы гүресиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға мүмкиншилик береди.

Бул мәселе Арал теңизи экологиялық апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў жағынан айрықша әҳмийетке ийе.

Қәўипсизлик тараўындағы нәтийжели бирге ислесиў ШБШ раўажланўының әҳмийетли шәрти болып табылады. Жаңа реал турмыслық шараятында еллеримиздиң ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлериниң жумысын муўапықластырыўды беккемлеў актуал мәселе болып табылады.

ШБШ регионаллық контртеррор структурасының нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде, қәўипсизликке қәўип-қәтерлерди ескертиў ҳәм оларға оператив қатнас жасаўға байланыслы шәртнамаларымыз тийкарында бул структураның жумысын жетилистириўдиң әлле қашан ўақыты келген.

Мәмлекетлеримиздеги жағдайды баҳалаў ҳәм бүгинги ситуацияны есапқа ала отырып, комплексли қарарлар қабыл етиўге Регионаллық контртеррор структурасы кеңесиниң жыллық көшпели мәжилислериниң әмелиятын жолға қойыў зәрүр.

Радикализмниң өсип барыўы қәўипли тенденцияға а         йланбақта. Жаслардың экстремистлик шөлкемлерге тартылыўына жол қоймаў, ҳәр қыйлы бузғыншы идеяларға қарсы турақлы иммунитетти қәлиплестириў бойынша комплексли илажлар қабыллаўды мақсетке муўапық, деп ойлаймыз.

Сондай-ақ,  көп жағынан әлле қашан заманагөй турмысты белгилеп атырған қәўипсиз мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратыўды қәлер едим.

Тек күшлерди бирлестириў арқалы, бир ўақыттың өзинде, мәлимлеме

мәканындағы қәўиплерди азайтып барған жағдайда ғана биз санластырыў абзаллықларынан толық пайдалана алыўымыз мүмкин.

Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ушын қосымша платформаны жаратыў ўазыйпасы барған сайын әҳмийетли болып қалмақта.

Аўғанстанда тынышлық орнатылыўы ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў, бул бағдарда жумысларды муўапықластырыўды күшейтиў ШБШның ең баслы бағдарларынан болып қалыўы зәрүр.

Бул мәселеде жақында болып өткен Ташкент конференциясын қоллап-қуўатлағаны ушын кәсиплеслериме айрықша  миннетдаршылық билдириўди қәлер едим.

Бул әнжуманға аўған делегациясы, көплеген мәмлекетлер ҳәм шөлкемлердиң, соның ишинде, ШБШ ўәкиллеринң қатнасыўы дүнья жәмийетшилигиниң усы мәмлекет пенен бирге ислесиў бойынша муўапықластырылған көзқарасларын ислеп шығыўға болған умтылысын тастыйықлайды.

Аўған халқы жақын қоңсышылық жәрдемимизге ҳәр қашанғыдан да көбирек мүтәж екенин айтыўды қәлер едим. Биз өтмиштеги қәтелерди қайталамаўымыз ҳәм Аўғанстанды оның машқалалары менен жалғыз қалдырмаўымыз керек.

Санкциялар сиясатының күшейтилиўи ҳәм Аўғанстанның ҳәзирги ҳүкимети және де жеккелениўи турақлы түрде мәмлекеттиң ишинде радикалласыўдың күшейиўине алып келеди ҳәм оны терроршылық шөлкемлери ушын плацдармға айландырады.

Сонлықтан биз Аўғанстан ўақытша ҳүкметининиң алдын қабыл етилген, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелерин орынлаўы бойынша Қабул менен конструктивлик байланысларды раўажландырыўдың тәрепдарымыз.

Буннан тысқары, Аўғанстанды гуманитарлық қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы фондты бизиң бул мәмлекетке шегаралас болған Термиз қаласында – ол жердеги әмелдеги транспорт-логистика хабының заманагөй инфраструктурасынан пайдалана отырып, бирге шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Фонд қаржылары сол мәмлекеттеги социаллық кризисти сапластырыў, жасларға билим бериў бағдарламалары ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўға қаратылады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Мәдений-гуманитарлық байланыслар дәстүрий түрде бирге ислесиўимиздиң беккем тийкарын қәлиплестиреди. Халықларымыз арасындағы тығыз дослық ҳәм бирин-бири өз-ара дурыс түсиниў ШБШ регионындағы тынышлық ҳәм кең көлемли шерикликтиң гиреўи болып табылады.

Бүгин қабыл етилип атырған Узақ мүддетли жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы әмелге асырыў бойынша комплексли реже әне сол мақсетлерге қаратылған.

Мәдениятлардың ҳәр түрлилигин ҳүрмет етиў принципине сүйене отырып, Шөлкемимиз миллионлаған адамларға мәдениятлараралық қарым-қатнас ҳәм өз-ара алмасыўдың жаңа имканиятлары есиклерин ашып береди.

ШБШ көлеминде университет ректорларының форумы, мәденият ҳәм туризм күнлери, қоспа спорт илажлары ҳәм  универсиадалар сыяқлы қосымша форматларды шөлкемлестириў зәрүр, деп есаплайман.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, заманагөй технологиялар бизге мәдениятлараралық қарым-қатнастың санлы пллатформаларын иске қосыў имканиятын береди.

Бул – виртуал музейлер ҳәм дөретиўшилик көргизбелер, илимий видеоконференциялар болып, олар халықты, соның ишинде, жасларды бундай жойбарларға жедел тартыў арқалы халықларымызды және де жақынластырыўға жәрдемлеседи.

Өз-ара туристлик ағымларды көбейтиў, туризм тараўында биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў да усы мақсетке қаратылады.

Усы әҳмийетли бағдарда бирге ислесиўимизди жеделлестириў ушын келеси жылды «ШБШ мәканында туризмди раўажландырыў жылы» деп жәриялаўды усыныс етемен.

Бүгин қабыл етилип атырған Туризм тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим биргеликтеги жумыслармызға зәрүр ҳуқықый тийкар жарататуғынына беккем исенемен.

Қәдирли дослар!

Самарқанд әзелден Шығыс Азиядан Қубла Африкаға, Жақын Шығыс ҳәм Европаға шекемги мәканда жасайтуғын халықлар арасында руўхый, экономикалық, мәдений ҳәм илимий алмасыўлардың орайы болып келген. Әсирлер даўамында бул жерде ҳәр қыйлы цивилизациялардың ўәкиллери арасында нәтийжели қарым-қатнаслардың өзине тән мәденияты жаратылған.

Самарқанд – биз ШБШны дүзиўде тийкар етип алған кеңпейиллик  ҳәм ҳәр қыйлы халықлардың дәстүр ҳәм қәдриятларына ҳүрмет принциплери  әсирлер даўамында турмысқа енгизилген жанлы үлги болып табылады.

Ҳәзирги күнде геосиясий бәсеки, идеологиялық қарама-қарсылық ҳәм бәсекилерден жырақ болған усындай сөйлесиў оғада зәрүр.

Сонлықтан бүгин Өзбекстан шериклерге улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолындағы Самарқанд бирлиги басламасын усыныўдан кеўли толады.

Бул басламаның мақсети – бизиң улыўма келешегимизге бийпәрўа болмаған, қарама-қарсылықларға қарамастан келисилген көзқараслар ҳәм қарарларды излеўге таяр, «Самарқанд руўхы» принциплерине пикирлес болғанлардың бәрин глобал цивилизациялараралық сөйлесиўге тартыў болып табылады.

Оның әмелий орынланыўына байланыслы мәселелерди сиясий жетекшилер, жәмийетшилик, исбилерменлер, академиялық ҳәм эксперт топарлардың абырайлы ўәкиллери қатнасыўында келеси жылы Самарқанд халықаралық форумында бирге көрип шығыўды усыныс етемиз.

Биз тез пурсатта барлық шериклеримизге усынатуғын мазмунлы Ҳәрекетлер бағдарламасы форум жумысының тийкары болады. Сизлердиң кеңнен қоллап-қуўатлаўыңызға ҳәм басламамызды үгит-нәсиятлаўға қатнасыўыңызға үмит етемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан басшылығындағы мақсетлерге ерисиўде белсенди жәрдемиңиз ушын бәршеңизге және бир мәрте  шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм қарарлар еллеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы және абаданлығы жолында регионаллық ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде Шанхай бирге ислесиў шөлкеми буннан былай да избе-из раўажланатуғынына және Шөлкемимиздиң абырайы артыўына мүнәсип үлес болып қосылатуғынына беккем исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.