2022-жыл 16-сентябрь күни Самарқандтағы «Уллы жипек жолы» халықаралық туристлик комплексиниң Конгресс орайында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болды.

Бүгинги күнде дүньядағы абырайлы халықаралық структураға айланған Шанхай бирге ислесиў шөлкеми 2001-жыл 15-июньде Шанхай қаласында Өзбекстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия ҳәм Тәжикстан қол қойған декларация тийкарында дүзилген. Өз-ара исеним, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, өзи қамтып алған регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў Шөлкемниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары есапланады.

Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкемине тийкар салған мәмлекетлерден бири сыпатында өның жумысында әҳмийетли ҳәм жедел роль атқармақта. Өзбекстанның басламалары ШБШның халықаралық абырайы менен потенциалын арттырыўға, көп тәреплепе бирге ислесиўди беккемлеўге бәрқулла хызмет етип келген.

Мәмлекетимиз усы ўақытқа шекем ШБШға 2003-2004, 2009-2010 ҳәм 2015-2016-жылларда басшылық еткен. Өзбекстанның төртинши – 2021-2022-жыллардағы басшылық еткени, мазмуны ҳәм нәтийжеге қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

Самарқанд басшылық етип атырған ШБШның бул ретки саммити де дәстүрге бола, шөлкемге ағза мәмлекетлер басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы менен басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен ушырасыўда Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин ҳәм ШБШның Регионаллық контртеррорлық структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Руслан Мирзаев қатнасты.

Самарқанд саммити күн тәртибине муўапық, мәмлекет басшылары ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады, регионда жүзеге келип атырған сиясий ҳәм экономикалық жағдайды есапқа алған ҳалда регионаллық және халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның 2021-2022-жылларда ШБШға басшылығының нәтийжелери бойынша мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, бул дәўирде 80 нен аслам ири илаж өткерилди. Пандемияның қыйын ақыбетлери ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерге қарамастан, Өзбекстанның ШБШға басшылығы режеси толық орынланды.

Саммитте қол қойыў ушын салмақлы ҳүжжетлер топламы – 40 тан аслам келисим ҳәм қарарлар усынылды. Оларда ШБШ мәмлекетлериниң өз-ара байланысын беккемлеў, санаат кооперациясы, «жасыл» экономика, санластырыў, саўда сыяқлы ең әҳмийетли ҳәм перспективалы бағдарларда бирге ислесиўге байланыслы улыўма көзқараслар сәўлелендирилген.

Президентимиз ШБШ тарийхы жағынан қысқа дәўирде регионаллық ҳәм глобаллық процесслердиң тәсиршең қатнасыўшысына айланғанын атап өтти. Қәўипсизлик ҳәм экономикалық өсиўдиң әҳмийетли факторы сыпатында, шөлкемниң турақластырыўшы роли күшейип бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШның блокларға қосылмаў статусын, ашық-айдынлық ҳәм кеңнен бирге ислесиўге қаратылған руўхын сақлаў, келисим, тең ҳуқықлықты ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине әмел етиў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Усыларды есапқа алып ҳәм ШБШ шеңбериндеги көп қырлы шерикликтиң нәтийжели тәжирийбесине сүйенип, мәмлекетимиз басшысы жақын жылларда бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларындағы баслы ўазыйпаларды шешиўге байланыслы анық усыныслар менен әмелий басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, ШБШ жумысын бүгинги реал турмысқа бейимлестириў, экономика, саўда ҳәм инвестиция тараўларында бирге ислесиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў, экология мәселелери, мәдений-гуманитарлық байланысларға тоқтап өтти. Қәўипсизлик машқалалары ҳәм Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыўға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз ШБШның келешеги ҳәм мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы көп тәреплеме аўызбиршиликли ҳәм нәтийжели ислеўге байланыслы екенин атап өтти. «Биз биргеликте регионаллық ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы және абаданлығы жолында шөлкемди жаңа шеклерге алып шығыўға уқыплымыз», – деп исеним билдирди Шавкат Мирзиёев.

Ағза мәмлекетлердиң жетекшилери өзлериниң шығып сөйлеўлеринде ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине, регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизлик машқалаларына тоқтап өтти. Самарқанд саммити айрықша, тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси бақлаўшы мәмлекетлер, ҳүрметли мийманлар, халықаралық ҳәм регионаллық басшылардың қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Саммит бундай кең форматта – 14 мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында биринши мәрте өтпекте.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен Мәмлекет басшылары кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде Шөлкемге ағза мәмлекетлер ҳәм оның структураларының жетекшилери менен бирге ШБШ жанындағы бақлаўшы мәмлекетлердиң басшылары ҳәм саммиттиң ҳүрметли мийманлары – Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий, Монголия Президенти Ухнагийн Хурэлсух, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм халықаралық және регионаллық шөлкемлердиң басшылары, соның ишинде, БМШ Бас хаткериниң орынбасары Розмари ДиКарло қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Шөлкемге Өзбекстан басшылығы дәўиринде ШБШ шеңберинде мәлимлеме-коммуникация технологиялары, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа формат ҳәм механизмлериниң иске қосылғанын атап өтти.

Экономика, санаат, инновациялар, туризм, денсаўлықты сақлаў, халық дипломатиясы, гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин алға қойыў бағдарындағы мәселелер бойынша форумлар, конференциялар ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша анық усыныслар менен әмелий басламаларды алға қойды.

Бәринен бурын, шөлкемниң блокларға қосылмаў статусын ҳәм ашық-айдынлығын, кең халықаралық бирге ислесиўге қаратылғанын сақлап қалыў, қәўипсизликтиң тутас принципине әмел етиў әҳмийетли болып есапланады. Орайлық Азия буннан былай да ШБШның «географиялық ядросы» болып қалыўы керек.

«Шанхай руўхы» принциплери тийкарында тилеклеслик, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм шерикликти беккемлеў және бир тийкарғы ўазыйпа есапланады. «Биз тек усы жол менен ғана ШБШ регионында тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўимиз мүмкин», деди Шавкат Мирзиёев.

Бул принципиаллық көзқараслардан келип шығып ҳәм бүгинги халықаралық жағдайды есапқа алған ҳалда, мәмлекетимиз басшысы ШБШны 2040-жылға шекем Раўажландырыў стратегиясын таярлаў усынысын билдирди. Бул программалық ҳүжжет көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық тараўларын қамтып алыў, ШБШны узақ мүддетли раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп бериўге қаратылған.

Экономика, саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы бирге ислесиўдиң әмелий тәсиршеңлигин арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Усы мақсетте ШБШның жаңа экономикалық қарым-қатнасын жолға қойыў, Өзбекстанда ШБШ регионларының бизнес шериклиги ҳәптелигин өткериў, ағза мәмлекетлердиң арнаўлы экономикалық зоналары альянсын дүзиў, ҳәр жылы ШБШ ири саўда ярмаркасын өткериў ҳәм оның негизинде бирден-бир электрон платформа жаратыў усыныслары алға қойылды.

Дүньядағы азық-аўқат қәўипсизлиги кризиси ШБШда бул бағдарда жедел бирге ислесиўди талап етпекте. Соннан келип шығып, Өзбекстан Президенти азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң улыўма принциплери ҳәм көзқарасларын ислеп шығыў ҳәм келеси жылы Өзбекстанда азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференция өткериў усынысын билдирди.

ШБШ мәканында транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў зәрүрлигине итибар қаратылып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қоллап-қуўатлаўы астында Ташкент қаласында Регионлараралық өз-ара байланыслылық орайын дүзиў басламасы алға қойылды.

Шавкат Мирзиёев Саммит шеңберинде «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жол қурылысы ҳаққында үш тәреплеме келисимге қол қойылғанын тарийхый ўақыя сыпатында баҳалап, қатнасыўшыларды стартегиялық жақтан және бир әҳмийетли жойбар – Термиз – Мозори-Шариф – Қабул – Пешовар» темир жол қурылысын да қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Усы ҳәм басқа да мәселелерди додалаў ушын Өзбекстан ШБШның Биринши транспорт форумын өткериў ҳәм оның жуўмағында Қоспа ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға таяр екени айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы экологиялық қәўип-қәтерлер артып атырғанын атап өтип, ШБШның Климат кеңесин дүзиўди усыныс етти. Бул механизм «жасыл» раўажланыў, шорланыў ҳәм топырақ бузылыўына қарсы гүресиў, экологиялық жойбарлар, соның ишинде, Аралбойы ушын инновациялық шешимлер ҳәм финанслық қаржылар тартыўға жәрдемлеседи.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Президенти бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар қатарында мәмлекетлеримиздиң үгит-нәсиятлаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер жумысын муўапықластырыўды күшейтиў, қәўипсизликке қарсы гүресиў бойынша ШБШ РАТС жумысының нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Соның менен бирге, жаслардың экстремистлик шөлкемлерге тартылыўына жол қоймаў, ҳәр қыйлы жат идеологияларға қарсы турақлы иммунитетти қәлиплестириў бойынша комплексли илажлар қабыл етиў усыныс етилди. Дүньяда радикализмниң өсиўи қәўипли тенденцияға айланып атырған ҳәзирги шараятта бул айрықша әҳмийетли болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы аўған халқы жақсы қоңсышылық жәрдемине ҳәр қашанғыдан да көбирек мүтәж екени, өтмиштеги қәтелерди қайталамаў керек екенин атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Термиз қаласындағы транспорт-логистика хабының заманагөй инфраструктурасынан пайдаланған ҳалда Аўғанстанды гуманитарлық қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы фонд дүзиў усыныс етилди.

Президент Шавкат Мирзиёев мәдений-гуманитарлық байланыслар дәстүрий тәризде бирге ислесиўимиздиң беккем тийкары екенин атап өтти. Мәдениятлар ҳәм дәстүрлердиң көптүрлилигин ҳүрмет етиў миллионлаған адамларға дослық қарым-қатнас ҳәм өз-ара түсинисиўдиң жаңа имканиятларын ашып береди.

Усы мәнисте, мәмлекетимиз басшысы ШБШ шеңберинде университет ректорлары форумы, мәденият ҳәм туризм күнлери, қоспа спорт илажлары ҳәм универсиадалар сыяқлы бирге ислесиўдиң қосымша форматларын жаратыўға шақырды. Мәдениятлараралық қарым-қатнастың санлы түрлери: виртуал музейлер ҳәм дөретиўшилик көргизбелер, илимий конференциялар шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Туризм тараўындағы бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлаў ушын 2023-жылды ШБШ мәканында туризмди раўажландырыў жылы, деп жәриялаў усыныс етилди.

Өзбекстан басшысы Самарқанд әййемги ўақыттан Орайлық Азиядан баслап Қубла Африка, Жақын Шығыс ҳәм Европаға шекемги мәканда жасайтуғын халықлар арасында руўхый, экономикалық, мәдений ҳәм илимий алмасыўлардың орайы болып келгенин атап өтти.

Сол себепли улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында Самарқанд тилеклеслиги басламасын алға қойды. Оның мақсети – бизлердиң улыўма келешегимизге бийпәрўа болмаған, қарама-қарсылықларға қарамастан келисилген көзқарас ҳәм қарарларды излеўге таяр, «Самарқанд руўхы» принциплерине пикирлес болғанлардың бәршесин глобаллық сәўбетлесиўге тартыў болып табылады.

Бул басламаны әмелге асырыў мәселелерин додалаў ушын келеси жылы сиясий жетекшилер, жәмийетшилик, исбилерменлер, академиялық ҳәм эксперт топарлардың абырайлы ўәкиллериниң қатнасыўында Самарқанд халықаралық форумы өткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында Өзбекстан басшылығындағы мақсетлерге ерисиўде белсене жәрдем ушын шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлерге қызғын миннетдаршылық билдирди.

«Бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм қарарлар Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң және де избе-из раўажланыўына ҳәм абырайының артыўына мүнәсип үлес болып қосылатуғынына исенимим кәмил», деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте ағза мәмлекетлер, бақлаўшы мәмлекетлердиң жетекшилери, ҳүрметли мийманлар ҳәм БМШ және ШБШ басшылары шығып сөйледи.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң Самарқанд декларациясы илаждың баслы жуўмақлаўшы ҳүжжети болды.

Онда регионаллық турақлылық, қәўипсизлик ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, транспорт байланысларын беккемлеў, сондай-ақ, мәдений қарым-қатнасты тереңлестириў бойынша қоспа көзқараслар белгилеп берилген.

Жәми 44 ҳүжжет – келисим, концепция, бағдарламалар ҳәм басқа да қарарлар қабыл етилди. Бул шөлкем тарийхында рекорд көрсеткиш болып есапланады. Соның ишинде:

– ШБШға ағза мәмлекетлердиң узақ мүддетли жақсы қоңсышылығы, дослығы ҳәм бирге ислесиўи ҳаққындағы шәртнама қағыйдаларын 2023-2027-жылларда әмелге асырыў бойынша комплексли ҳәрекетлер режеси ҳаққында;

– ШБШға ағза мәмлекетлердиң өз-ара байланысын раўажландырыў ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын жаратыў бойынша концепциясы ҳаққында;

– «ШБШның жақсы нийет елшиси» ҳүрметли атағы ҳаққындағы реже ҳаққында;

– ШБШға ағза мәмлекетлердиң өз-ара есап-санақларында миллий валюталардың үлесин басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша «жол картасы» ҳаққында;

– Иранның ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў миннетлемелери ҳаққындағы меморандумға қол қойылғаны ҳаққында;

– Беларусь Республикасын ШБШ ағзалығыны қабыл етиў процесин баслаў ҳаққында;

– Мальдив Республикасы, Бахрейн, Бирлесен Араб Әмирликлери, Мьянма Аўқамы Республикасы, Кувейт Мәмлекетине ШБШның сөйлесиў бойынша шериги статусын бериў ҳаққында;

– Варанаси қаласын (Ҳиндстан) 2022-2023-жылларда ШБШның туризм ҳәм мәдений пайтахты деп жәриялаў ҳаққында;

– ШБШ секретариаты ҳәм Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша БМШ (ЮНЕСКО) арасында меморандумға қол қойыў ҳаққында;

– ШБШ Бас секретариатының шөлкемниң өткен жылғы жумысы ҳәм ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы Кеңесиниң 2021-жылғы жумысы ҳаққындағы есабатлары ҳаққында;

– ШБШ Мәмлекет басшылары кеңеси қарарларының әмел етиўин бийкарлаў ҳаққында;

– ШБШ жумысын жетилистириў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң:

– климат өзгериўине байланыслы жуўап ҳәрекетлери ҳаққында;

– исенимли, турақлы ҳәм диверсификацияланған жеткерип бериў шынжырларын тәмийинлеў ҳаққында;

– глобаллық азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында;

– энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳаққындағы билдириўлери қабыл етилди.

Буннан тысқары, илаж шеңберинде төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– Иранның ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў ушын миннетлемелери ҳаққындағы меморандум;

– ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери арасында туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– ШБШға ағза мәмлекетлер арасында хызметлер саўдасы тараўындағы бирге ислесиўдиң рамкалы тийкарлары;

– ШБШ мәмлекетлериниң ўәкилликли уйымлары арасында музей иси тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум;

– ШБШ мәмлекетлериниң ўәкилликли уйымлары арасында өсимликлер карантини тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– ШБШ мәмлекетлериниң қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

– ШБШ мәмлекетлериниң инфраструктуралық раўажландырыў бағдарламасы;

– ШБШ мәмлекетлериниң исбилерменлик топарлары арасындағы санаат кооперациясын хошаметлеў бағдарламасы;

– Санлы саўатлылықты раўажландырыў бойынша ШБШ бағдарламасы;

– ШБШға ағза мәмлекетлердиң жасалма интеллектин раўажландырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы;

– ШБШға ағза мәмлекетлердиң медицина шөлкемлери арасында жуқпалы кеселликлерди профилактикалаў ҳәм емлеў мәселелеринде бирге ислесиў бойынша «жол картасы»;

– ШБШға ағза мәмлекетлер арасында тийкарғы бағдарлардағы илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша ҳәрекетлер режеси (2022-2025-жылларда);

– ШБШда регион ишиндеги саўданы раўажландырыў бойынша қоспа ҳәрекетлер режеси;

– ШБШ мәмлекетлериниң телемедицина тараўындағы бирге ислесиў концепциясы;

– ШБШ мәмлекетлериниң «ақыллы» аўыл хожалығы ҳәм агроинновацияларды енгизиў тараўындағы бирге ислесиў концепциясы;

– ШБШ ҳәм Араб мәмлекетлери лигасы секретариатлары арасында меморандум;

– ШБШ секретариаты ҳәм Илим, билимлендириў және мәденият мәселелери бойынша БМШ (ЮНЕСКО) арасында өз-ара түсинисиў ҳаққындағы меморандум;

– ШБШ секретариаты менен Азия ҳәм Тыныш океаны ушын экономикалық комиссия (ЭСКАТО) арасында өз-ара түсинисиў ҳаққындағы меморандум ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.

Соның менен Өзбекстанның ШБШға бул ретки басшылығы жуўмақланды ҳәм басшылық биринши мәрте Ҳиндстан Республикасына өтти.

Мәжилис жуўмақланғаннан кейин, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов ҳәм ШБШның бас хаткери Чжан Минниң қатнасыўында брифинг өткерилди ҳәм онда Самарқанд саммитиниң нәтийжелери, онда додаланған мәселелер бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине мәлимлеме берилди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқандта өткерилген саммити бир қатар тәреплери менен тарийхый әҳмийетке ийе болды. Бул, бәринен бурын, Мәмлекет басшылары кеңесиниң пандемия басланғаннан берли өткен үш жыл ишинде биринши рет барлық ағза мәмлекетлер жетекшилериниң толық қурамда жүзбе-жүз сөйлескени, бақлаўшы ҳәм мийман мәмлекетлердиң саны артқанына байланыслы болды. Сондай-ақ, мәжилисте биринши рет 40 тан аслам ҳүжжет көрип шығылды. Шөлкемди кеңейтиў, жаңа ағзалар қабыл етиў, сәўбетлесиў бойынша шерик статусын бериў бойынша қарарларға қол қойылды. Әҳмийетлиси, ШБШ мәканында тилеклеслик, бирге ислесиў ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли басламалар билдирилди және оларды әмелге асырыўға исеним билдирилди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршылары