16-сентябрь күни Самарқандта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының тар шеңбердеги мәжилиси болып өтти.

Илажда Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Чжан Мин ҳәм ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Руслан Мирзаев қатнасты.

Мәжилис күн тәртибине муўапық, мәмлекет басшылары ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң ҳәзирги күнги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады, регионда пайда болып атырған сиясий ҳәм экономикалық жағдайды есапқа алған ҳалда регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның 2021-2022-жыллары ШБШға басшылығы нәтийжелери бойынша мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, бул дәўирде 80 нен аслам ири илаж өткерилди. Пандемияның аўыр ақыбетлери ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерге қарамастан, Өзбекстанның ШБШға басшылығы режеси толық орынланды.

Самарқанд саммитинде қол қойыў ушын салмақлы ҳүжжетлер топламы – 40 тан аслам келисим ҳәм қарарлар усыныс етилди. Оларда ШБШ мәмлекетлериниң өз-ара байланысты беккемлеў, санаат кооперациясы, «жасыл» экономика, санластырыў, саўда сыяқлы ең әҳмийетли ҳәм перспективалы бағдарларда бирге ислесиўге байланыслы улыўмалық көзқараслары сәўлеленген.

Президентимиз ШБШ тарийхый қысқа дәўирде регионаллық ҳәм глобаллық процесслердиң тәсиршең қатнасыўшысына айланғанын атап өтти. Қәўипсизлик ҳәм экономикалық өсиўдиң әҳмийетли факторы сыпатында, шөлкемниң турақластырыўшы роли күшейип бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШның блокларға қосылмаў статусын, ашық-айдынлық ҳәм кеңнен бирге ислесиўге қаратылған руўхын сақлаў, келисиў, тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине әмел етиў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.

Соларды есапқа алып ҳәм ШБШ шеңбериндеги көп қырлы шерикликтиң нәтийжели тәжирийбесине сүйенип, мәмлекетимиз басшысы жақын жылларда бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларындағы тийкарғы ўазыйпаларды шешиўге байланыслы анық усыныс ҳәм әмелий басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, ШБШ жумысын ҳәзирги ўақытқа бейимлестириў, экономика, саўда ҳәм инвестиция тараўларында бирге ислесиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў, экология мәселелери, мәдений-гуманитарлық байланысларға тоқтап өтилди. Қәўипсизлик машқалалары ҳәм Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз ШБШның келешеги ҳәм мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы көпшилик жағдайда аўызбиршилик пенен ҳәм нәтийжели ислесиўге байланыслы екенин атап өтти. «Биз биргеликте регионаллық ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында шөлкемди жаңа шеклерге алып шыға аламыз»,-деп исеним билдирди Шавкат Мирзиёев.

Ағза мәмлекетлер жетекшилери өзлериниң шығып сөйлеўлеринде ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине, регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизлик машқалаларына тоқтап өтти. Самарқанд саммити айрықша, тәрийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилиси бақлаўшы мәмлекетлер, ҳүрметли мийманлар, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер басшыларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти. Саммит бундай кең форматта – 14 мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында биринши мәрте болып өтпекте.

ӨзА