Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине ҳүрметли мийман сыпатында мирәт етилген Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев Өзбекстанға келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Әзербайжан жетекшиси ШБШ саммити шеңберинде шөлкемлестирилетуғын сиясий, экономикалық, регионаллық қәўипсизликке байланыслы ушырасыўларға қатнасады.

ӨзА