Ҳүрметли кинофестиваль қатнасыўшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген белгили актёр ҳәм режиссёрлар, оператор ҳәм художниклер, продюссер және кинотаныўшы илимпазлар, белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин «Жипек жолы дүрданасы» XIV Ташкент халықаралық кинофестивалының ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

«Тынышлық, ағартыўшылық ҳәм раўажланыў ушын» деген ийгиликли идея тийкарында өткерилип атырған бул форумда жәҳәнниң 35 мәмлекетинен 300 ден аслам кино усталарының қатнасып атырғаны ярым әсирден аслам тарийхқа ийе болған Ташкент халықаралық кинофестивалы бүгин – Жаңа Өзбекстан шараятында жаңаша мазмун ҳәм келбетке ийе болып, көркем өнер дүньясында және де мүнәсип абырай-мәртебеге ийе болып атырғанынан дәрек береди.

Бизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде кино көркем өнерин заман талаплары тийкарында раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Дүнья жүзиндеги абырайлы кинокомпаниялар менен байланыслар жолға қойылып, 30 дан аслам мәмлекетлер менен биргеликте көркем фильмлер жаратыў бойынша келисимлерге ерисилди. Миллий ҳәм сырт елли жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде киноқалашалар қурылмақта. Өзбекстанда фильм сүўретке алыў тилегиндеги сырт елли компаниялар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Сизлер фестиваль күнлери кино тараўындағы реформаларымыз бенен танысып, бул бағдардағы жумысларымыздың нәтийжесин арттырыў бойынша пайдалы усынысларыңызды билдиресиз, деп үмит етемен.

Бүгин өз жумысын баслап атырған кинофестиваль қызғын ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер, пикир-таласлар, көплеген жаңа көркем шығармалардың презентациясы менен барлық қатнасыўшылардың жумысында, Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнериниң раўажланыўында мүнәсип из қалдыратуғынына исенемен.

Сиз, әзизлерди Ташкент XIV халықаралық кинофестивалының ашылыўы менен және бир мәрте қутлықлап, усы үлкен көркем өнер байрамы умытылмас мәўритлерге бай болыўы, кино әлеминде жаңа атама ҳәм талантларды ашып бериўиңизди тилеп қаламан.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, дөретиўшилик жетискенликлер, кинофестиваль жумысына болса табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти