Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов қатнасыўында гезектеги брифинг өткерилди. – Ҳәпте басында бул күнлердеги әҳмийетли илаж-Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити ҳаққында қысқаша мағлыўмат берген едик. Бүгин саммит шеңбериндеги илажлар басланып атырғанын инабатқа алып, сизлер менен және бир мәрте ушырасыўға қарар еттик,-деди Ш.Асадов. – Бүгин азаннан Самарқанд қаласына сырт ел мийманлары келиўди баслады. Атап айтқанда, ҳәзир ғана дәслепки мийманымыз – Монголоия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух Самарқандқа жетип келди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары Розмари Ди Карлонның келиўи күтилмекте.

Хабар берилгениндей, бүгин Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисийдиң рәсмий сапары басланады. Ол Самарқандқа күнниң екинши ярымында жетип келеди, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер бүгинниң өзинде болып өтеди. Ушырасыў соңында саўда, кооперация, инновациялар, транспорт, энергетика, туризм ҳәм басқа да бағдарларда ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, бүгин күнниң екинши ярымында Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровлар да Самарқандқа жетип келеди.

Қалған барлық мийманлардың сапары болса ертең, 15-сентябрь күни күтилмекте. Ҳәм усы күни көплеген еки тәреплеме сөйлесиўлер режелестирилген. Кешке жақын ШБШ саммитиниң рәсмий емес илажлары басланады.

Тийкарғы илаж болса 16-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаңа туризм орайындағы Конгресс холда болып өтеди.

Самарқанд саммити әҳмийетли регионаллық ҳәм глобал темаларға бай күн тәртибине ийе болыўы, оның жуўмақлары бойынша ШБШ шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди және де күшейтиў имканиятын бериўши әҳмийетли, қалаберди, тарийхый әҳмийетке ийе қарарлар ҳәм ҳүжжетлер болыўы күтилмекте.

ӨзА