«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық нызамның 9 ҳәм 15-статьяларына ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққында»ғы нызамның 4-статьясына муўапық Мурат Қаллибекович Камалов Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеўбаевич Орынбаев Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары етип сайланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги