15-16-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң 22-мәжилиси болып өтеди.

Саммит жумысында ШБШға ағза мәмлекетлер – Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Өзбекстан Республикасы,  Қырғыз Республикасы, Қазақстан Республикасы, Ҳиндстан Республикасы, сондай-ақ, шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекетлер – Беларусь Республикасы, Монғолия ҳәм Иран Ислам Республикасының жетекшилери қатнасады.

Ҳүрметли мийман сыпатында Түркия Республикасы, Әзербайжан Республикасы, Түркменстан ҳәм Армения Республикасы, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, басқа да халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер мирәт етилген.

Самарқанд саммитиниң күн тәртибине муўапық көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери, ШБШны раўажландырыўдың әмелий тәреплери ҳәм баслы ўазыйпалары көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Жуўмағында шөлкемниң жумысын кеңейтиў ҳәм әҳмийетли тараўлардағы  регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойыў күтилмекте.

Атап өтиў керек, болажақ мәжилис  ШБШ жетекшилериниң 2020-жылды коронавирус пандемиясы басланғаннан кейин кейинги үш жылда биринши жүзбе-жүз ушырасыўы болады.

Сондай-ақ, саммит Өзбекстан Республикасының ШБШ дағы басшылығына жуўмақ жасайды. Өткен дәўирде 80 нен аслам ири илаж өткерилген.

ӨзА