Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди 15-16-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Мәмлекет басшылары кеңесиниң 22-мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келеди.

Саммит даўамында жетекшилер шөлкемниң кейинги жигирма жыллық жумысын таллаўы және көп тәреплеме бирге ислесиў жағдайын ҳәм келешектеги перспективаларды додалаўы күтилмекте. Саммитте, сондай-ақ, регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер де додаланады.

Дәслепки мағлыўматларға бола, Нарендра Моди саммит шеңберинде бир неше еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди. Бул ҳаққында Ҳиндстан бас министриниң рәсмий мәкемеси хабар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги