Усы жыл 9-сентябрь күни Нөкисте босаған орынға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтти.

 Сайлаў кодексиниң 78-статьясына муўапық қоспа мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы З.Низамходжаев ашты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Сайлаў кодексине муўапық босаған орынға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасын сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.

Мәжилиске басшылық етиўге 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат А.Давлетовты усыныс етти. Бул усыныс депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Буннан кейин қоспа мәжилис жумысын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў ушын жумысшы қурамы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабан көрсетиў бойынша Мәсләҳәт кеңеси, мәжилис секретариаты, есап-санақ комиссиясының ағзалары ашық даўыс бериў жолы менен сайлап алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларынан сайланған Мәсләҳәт кеңеси ағзаларының басқа бөлмеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына босаған орынға талабан көрсетиў бойынша мәжилиси болып өтти.

Мәсләҳәт кеңесиниң баслығы 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У.Жалменов мәжилисте қабыл етилген қарар бойынша мәлимлеме берди. Сенат ағзасын сайлаў бойынша өткерилетуғын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў ушын таңлап алынған депутаттың кандидатурасы қоспа мәжилис додалаўына усынылды.

Қоспа мәжилис Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен Сенат ағзаcын сайлаў бойынша сайлаў бюллетенине киргизиў ушын 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев усынылды.

Ашық-айдынлық пенен өткен додалаўлардан соң депутатларға талабанның мийнет жолы, турмыслық тәжирийбеси, басшылық қәбилети,   Ўатанды сүйиўшилиги ҳәм инсаныйлық пазыйлети бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Ашық даўыс бериў жолы менен Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен усынылған депутаттың кандидатурасын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Сенат ағзасын сайлаў болып өтти. Демократиялық принциплер тийкарында өткен сайлаўда ҳәр бир депутаттың жасырын даўыс бериўи шөлкемлестирилди.

Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.

Нәтийжелер бойынша 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы етип сайланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.