Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-сентябрь күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Америка Қурама Штатларының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Дэниел Розенблюмды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Дэниел Розенблюмның Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўдағы үлесин атап өтти.

Кейинги жылларда конструктивлик сиясий сөйлесиў жолға қойылды. Биргеликтеги ҳәрекетлер менен өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңейип бармақта. Өз-ара саўда көлеми артпақта, АҚШтың жетекши компанияларының қатнасыўында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында еки тәреплеме бағдарламалар енгизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы август айында қабыл етилген пәрманына муўапық америкалы дипломат елимиздиң жоқары мәмлекетлик сыйлығы «Дўстлик» орденине ийе болды.

АҚШ елшиси оның жумысына берилген жоқары баҳа ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў беккемлениўин буннан былай да жедел қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынын атап өтти.

ӨзА