Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта белгилеў,  халқымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўҳәм жасларымызды спорт түрлерине кеңнен тартыў мақсетинде, «Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында  Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерциясының Дене тәрбия ҳәм спорт жумыслары басқармасы ҳәм Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерциясының Қарақалпақстан Кеңесиниң басламасы менен «Саламатлық спартакидасы» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Оған республикамыз халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жумыс ислеп атырған хызметкерлер спорттың стол тенниси, бадминтон, стритбол ҳәм волейбол түрлери бойынша қатнасып өз-ара беллести.

Жарыслар жуўмағында стол тенниси бойынша ҳаял-қызлар арасында 1-орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң тренери Гүлхан Жалғасбаева, 2-орынды Нөкис қалалық ХББ ға қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Гүлқумар Сатимова, 3-орынды Хожели районы кәсип-өнер мектеби муғаллими Адолат Реймбаевалар ийелеген болса, ерлер арасында 1-орынды Кегейли районы Айрықша жағдайлар басқармасынан Сапарбай Утемуратов,  2-орынды «Ўзбектелеком» АК Қарақалпақстан бөлими хызметкери Чаржаў Дәўлетбек, 3-орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң тренери Бахтияр Хангелдиевлер ийелеўге миясар болды.

Ал, бадминтон бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында  Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң тренерлери Айжамал Матниязова ҳәм Арысланбек Сейтжановлар жеңиске еристи.

Стритбол бойынша өткерилген жарысларда болса, Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби командасы 1-орынды, Нөкис қалалық ХББ ға қараслы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы 2-орынды, Қоңырат сода заводының командасы 3-орынға ылайық деп табылды.

Волейбол бойынша өткерилген жарысларда 1-орынды Мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларында жумыс ислеп атырған хызметкерлерден қуралған команда, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы, 3-орынды Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлиминиң командалары ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы