Жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм өзине, соның ишинде, ата-анасы (нызамлы ўәкиллери)на тийисли болмаған турақ жайда ижарада жасайтуғын мәмлекетлик Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық төлеминиң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.

Онда:

– ижара төлеминиң қаплап берилетуғын бөлеги Ташкент қаласында – БЕМның 1 есеси (300 мың сум), қалған аймақларда – БЕМның 0,5 есесинен (150 мың сумнан) артпаўы керек;

– ижара төлеминиң қаплап берилетуғын бөлеги биринши гезекте мүтәж шаңарақ перзентлерине, үлги көрсеткен ҳәм белсенди студентлер ушын қаплап бериледи;

– ЖОО тәрепинен олардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын басқа студентлерге де айлық ижара төлеминиң бир бөлеги қаплап берилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги