Мәмлекетимиз тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған ҳаял-қызлар ушын кең имканиятлар жаратылған болып, бул олардың толық түрде билим алыўы ҳәм жәмийетте өз орнын табыўында айрықша әҳмийетке ийе.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-июльдеги «Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Оған бола, коммерциялық банклер Қаржы министрлиги тәрепинен жайластырылатуғын депозит қаржылары есабынан тәлим кредитлерин 14 процент ставкада ажыратады. Тәлим кредитиниң тийкарғы бөлеги студенттиң рәсмий оқыў мүддети тамам болғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады. Тәлим кредитин рәсмийлестириўде ҳәм оның қайтарылыўында студенттиң турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа үшинши шахс биргеликте қарыз алыўшы сыпатында қатнасыўына рухсат етиледи. «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың ҳаял-қызларына ажыратылатуғын тәлим кредитлери ушын гиреў ҳәм кепилликлер талап етилмейди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышына төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген ҳәм билим алып атырған ҳаял-қызлардың оқыў жылы ушын төлемли-контрактиниң толық суммасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.

Усы пәрман бойынша, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Бас прокуратура академиясы, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби ҳәм Банк-финанс академиясының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери де төлеп бериледи.

– Буның ушын магистратура басқышының студент ҳаял-қызлары өзлери билим алатуғын мәкеме ректоры (филиал директоры)ның атына 15-сентябрьге шекем арза менен мүрәжат етиўи керек, – деди МҒКАда өткерилген брифингте Банклер ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң баслығы Ҳадия Абдуллаева.

Сондай-ақ, брифингте банк системасы бойынша басқа да сораўларға жуўап берилди.

М.Қосимова, ӨзА