Президентимиздиң тийисли бийлигине тийкарланып бүгин Президент Администрациясының атқарыў аппаратында тайынлаўлар әмелге асырылды.
Рустам Тўйчиевич Камилов – Президент Администрациясы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм жәмийетлик жойбарлар бойынша сектор баслығы;
Ҳикматилла Шуҳратилла улы Убайдуллаев Президент Администрациясы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм жәмийетлик жойбарлар бойынша секторының жетекши консультанты;
Улуғбек Рауф улы Норматов Президент Администрациясы жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм таллаў секторының жетекши консультанты;
Шохрух Анварович Ходжаев Президент Администрациясы коммуникациялар ҳәм мәлимлеме сиясаты бойынша секторының жетекши консультанты лаўазымына тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги