Шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшаларға қатнап атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери ҳәм арнаўлы контингентлердиң саны тәрбияланыўшылар санының 70 процентинен аз болғанда, жетпеген бөлегине басқа да шаңарақлардың балаларын қабыл етиўге рухсат етиледи;
тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемши лаўазымлары ушын 4,5 штат бирлигин ажыратыўға рухсат етиледи;
тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемшилерге бюджеттен мийнет ҳақыны қаплаў ушын субсидия тиккелей усы хызметкердиң пластик картасына өткерип бериледи;
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған бақшаларда, шаңарақлық бақшаларда:
бюджеттен төленетуғын субсидия ҳәм компенсацияларды есаплаўда 3 жас ҳәм оннан үлкен жастағы, бирақ 7 жас 8 айдан үлкен болмаған тәрбияланыўшылар есапқа алынады;
ата-аналар төлеминиң муғдарын бийғәрез белгилеп 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги