Мәмлекетлик статистика комитети аймақлық орайлық дийқан базарларында өткерилген бақлаў нәтийжелери бойынша айрықша түрдеги азық-аўқат өнимлериниң минимал-максимал баҳаларын жәриялады.

2022-жыл 24-август жағдайына баҳалар төмендегише:

Сүйекли мал гөши (1 кг) – 49 500 – 78 000 сум

Қой гөши (1 кг) – 58 000 – 90 000 сум

Картошка (1 кг) – 2 000 – 6 000 сум

Пияз (1 кг) – 2 000 – 6 000 сум

Гешир (1 кг) – 1 500 – 6 000 сум

Мәйек (10 дана) – 7 000 – 15 000 сум

Гүриш (1 кг) – 5 000 – 25 000 сум

Өсимлик майы (1 л) – 16 000 – 30 000 сум

Қумшекер (1 кг) – 12 000 – 17 000 сумды қурамақта.

Онда, дийқан базарлары аймағындағы азық-аўқат өнимлериниң баҳалары есапқа алынған. Супермаркет, минимаркет, дүканлардағы баҳалар есапқа алынбаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги