Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бөлими ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында оқыўға киргизип бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, «Ж» исмли шахс арза ийесиниң исенимине кирип, оны 2 мың АҚШ долларына Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сыртқы тәлимине оқыўға киргизип бериўди ўәде етеди. Нөкис қаласы Тақыятас гүзары бойында жайласқан «Гәўҳар» кафеси жанында арза ийесинен 2  мың АҚШ долларын алған ўақытта усланды ҳәм химиялық жол менен қайта исленген 2 мың АҚШ доллары айғақлы зат сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы