Қарақалпақстанда халықты социаллық қорғаў системасын раўажландырыў бағдарында:
-Социаллық қорғаў реестрине кирген шаңарақларға көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр мүтәжликлер ушын 600 мың сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратыў;
-15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан ушын пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқараларға темир жол ҳәм авиа билетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликти тиклеў;
-2025-жылға шекем қосымша қун салығы бойынша режеден арттырып орынланған түсимлерди Қарақалпақстан бюджетинде қалдырыў;
-бақша, мектеп ҳәм медицина мәкемелериниң қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сум ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстанда халық ушын жеке тәртиптеги турақ жай қурыў мақсетинде жер участкасын бериў бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
«Дурыс, бул әмелиятқа шек қойғанбыз, ҳәм басқа аймақларда да бундай имканият жоқ. Бирақ, Қарақалпақстан халқының мүрәжатларын инабатқа алып, бурынғысынан өзгеше етиўге таярман.
Тек ғана пухта исленген, әдил ҳәм ашық-айдын система тийкарында болыўы керек», деди Президент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги