– Инвесторларға жәрдем орайын шөлкемлестириў, онда қарақалпақстанлы исбилерменлерге жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, субсидия, кредит ҳәм компенсация алыў, өнимине базар табыўға жәрдемлесиў бойынша бийпул хызметлер көрсетиў;

– Инвесторларға жәрдем орайы жанында Нөкис қаласындағы 10 гектар жер майданында Санаат технопаркин шөлкемлестириў;

– Кегейли ҳәм Хожели районларында Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў;

– бес жыл мүддетке тек ғана Қарақалпақстан исбилерменлерине экспорт өнимлерин ислеп шығарыў ушын сатып алынған шийки затларды, мәмлекетимиз бойлап тасыўда 70 процент транспорт қәрежетлерин қаплап бериў системасын жолға қойыў ҳәм басқа да тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қараөзекте мыс ислеп шығарыў, Қоңыратта жаңа каустикалық сода ҳәм басқа да химиялық элементлер ислеп шығарыў заводларын қурыў сыяқлы ири жойбарларды қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги