Нөкис қаласындағы Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған ири қурылыс, оңлаў, абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумысларының нәтийжесинде аймақтың келбети пүткиллей унамлы тәрепке өзгермекте.
Балалар майданшалары, асфальт, пиядалар жоллары салынып, аймақ турғынлары ушын барлық қолайлықлар жаратылмақта. Байланыс, электр, газ тармақлары тартылып, инфраструктура пүткиллей жаңаланды.
Усы қурылыс ҳәм абаданластырыў илажларының нәтийжесинде пуқаралар жыйынының Темиржолшылар көшесинде байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, абат болып атырған мәкандағы соңғы унамлы өзгерислерди атап өтти. Кешеге жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Байрам кешесинде усы көшеде жасаўшы пуқараларға, ҳаял-қызларға, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж пуқараларға материаллық жәрдемлер көрсетилип, естелик саўғалары тапсырылды.
Соң мәденият бөлими хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
– Бизлер аймағымызда соңғы айда әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларынан оғада кеўлимиз толмақта,-дейди Темиржолшылар көшесинде жасаўшы пуқара Света Тадженова. – Әсиресе, көшемиз көркейип, алдын келген адам танымай қалатуғындай дәрежеде өзгерип кеткенлигин көрип турмыз.
Жолларымыз жақсыланып, газ, электр энергиясы, байланыс тармақлары да тартылып, қуўанып атырмыз. Көшемиздеги усы жаңалықларды белгилеп, байрам кешесиниң шөлкемлестирилиўи, қуўанышлы мәўритлер есте қаларлықтай болды. Қоңсыларымыз ойнап-күлип кеўилли дем алмақта.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
И.Мәтековтың түсирген сүўретлери