Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-август күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Усы жыл июнь айында өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдағы сезилерли табыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Август айы басында қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Түркия сыртқы ислер, транспорт ҳәм саўда министрлериниң биринши ушырасыўы нәтийжели өткерилди.

Усы жылы өз-ара товар алмасыў 70 процентке артты. Аўыл хожалығы, пиллешилик ҳәм тоқымашылық санааты, машина қурылысы, химия ҳәм басқа тармақларда қоспа кооперация жойбарларын әмелге асырыў басланды. Өзбекстан – Әзербайжан инвестиция фондын тез пурсатта иске қосыў жумыслары алып барылмақта. Мәдений-гуманитарлық алмасыў кеңеймекте.

Мәмлекет басшылары әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў керек екенин атап өтти. Усы мәнисте, келеси гүзде еки мәмлекет аймақлары форумы ҳәм санаат потенциалы көргизбесин өткериў әҳмийетли екени атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды. Болажақ көп тәреплеме ушырасыўлар, соның ишинде, Самарқанд қаласындағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитлериниң режеси ҳәм күн тәртиби көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА