Россия Федерациясының Уляновск ўәлаяты аймағында жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде Қырғызстан пуқараларының қайтыс болғаны ҳәм аўыр жарақат алғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Президенти Садир Жапаровқа кеўил билдирди.

Туўысқан Қырғызстан халқына терең кеўил билдирип, мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына шын кеўилден дәртине шериклес сөзлерин жеткериўди сорады, жәбирленгенлер шыпа табыўын тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги