22-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, болажақ жоқары дәрежедеги илажларды есапқа алып, регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Усы жыл сентябрь айының ортасында Самарқанд қаласында өткерилетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси шеңбериндеги ушырасыўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Булардан тысқары, Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда биргеликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўдың әмелий тәреплерин додалады.

Ҳүкиметлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги байланыслар ҳәм алмасыўларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Еки мәмлекет жетекшилери Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўди қоллап-қуўатлады. Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылдың гүзинде елимизде аймақлараралық форумның өткерилиўине айрықша әҳмийет берилмекте.

ӨзА