Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигинде «Жаўызлыққа қарсы мәрипат» атамасында пуқаралар жыйынлары басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Онда ишки ислер министрлигиниң ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығының орынбасары Т.Қарлыбаева, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳәм жәмийетшилик тәртибин шөлкемлестириў бойынша бас қәнигеси А.Примбетовлар шығып сөйлеп, мәҳәллелерде халықтың аўызбиршилигин беккемлеў, усы мазмунда үгит-нәсият илажларын алып барыў, олардың мүрәжатларын үйренип, машқалаларын шешиў мәселелери бойынша әмелге асырылыўы лазым жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, жаўызлық, ҳәдден асыў, топарларға бөлиниў, провакация ҳәм қыянет заманагөй экстремизмниң тийкарғы келбетин көрсетиўши сыпатлардан болып есапланады. Усы сыяқлы бузғыншы идеялардан халықты хабардар етиўимиз, соның ишинде, жасларға үлкен итибар қаратыўымыз зәрүр. Бунда мәҳәлле басшылары ҳәм белсендилери белсене қатнасыўы керек.

Илажда қатнасыўшыларға усы мазмунда таярланған видеоролик қойып берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги