Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 12-декаберьдеги «2022-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық быйыл Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 1-, 2-, 3-, 4-сентябрь күнлери дем алыс күни деп жәрияланған.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги байрам мүнәсибети менен халықтың дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў ҳәм халықты ишки туризмге тартыў мақсетинде тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен республика бойлап белгиленген шегирмелер ҳаққында мағлыўматларды усынды. Атап айтқанда, «Uzbekistan Airways» АЖ Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 2022-жыл 1-, 2-, 3-, 4-сентябрь күнлери әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардың барлық түрдеги тарифлерине 50 процент шегирме жәриялады.

«Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен республиканың барлық ишки қатнаўлары ушын байрам мүнәсибети менен жәрияланған дем алыс күнлерине 10 проценттен 50 процентке шекем шегирмелер белгиленди. «Вафқ» қайырқомлық жәмийетлик фондына қараслы төлемли кириў билетлери енгизилген мәдений мийрас объектлери – зыярат орынлары да байрам күнлеринде елимиз пуқаралары ушын кириў билетлерине 50 процентлик шегирме жәрияламақта.

Соның менен бир қатарда республикамыз бойлап жайласқан музейлер, мийманханалар, аўқатланыў шақапшалары тәрепинен де ықтыярлы шегирмелер жәрияланыўы нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги