Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып республикамыздың қала ҳәм районларында, шетки аўылларында «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында Мәнаўият фестивалы даўам етпекте.

Руўхый-ағартыўшылық илажлар Нөкис қаласындағы «Боз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 43-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти. Усы аймақта жасаўшы халық пенен болып өткен ушырасыўда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы, сенатор Минҳожиддин Мырза, «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары, философия илимлериниң докторы, профессор Жамила Шермуҳаммедова, Өзбекстан халық ҳафызы Махмутжан Юлдашев, Өзбекстан халық артисти Гәўҳар Закирова ҳәм басқалар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, оларға хош кейпият бағышлады.

«Мүриўбет» ҳәм «Сақаўат» интернат үйлеринде жасайтуғын майыплығы болған шахсларды, емлеўханада жатырған наўқаслар менен кекселерди социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Меҳир-мүриўбет ҳәм сақаўат» жойбары шеңберинде Нөкис «Мүриўбет» ҳаял-қызлар интернат үйинде ушырасыў шөлкемлестирилди.

Бул жерде руўхыятында өзгериси бар түрли жастағы ҳаял-қызлар емленбекте. Оларға тәжирийбели шыпакерлер, психолог ҳәм басқа тараў қәнигелеринен ибарат тәжирийбели персонал әмелий жәрдем көрсетип келмекте. Майыплығы болыўына қарамастан олар бул жердеги түрли дөгереклерде шуғылланып келмекте.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер, Президентимиздиң басшылығында кем тәмийинленген, майыплығы болған шахсларды социаллық-жақтан қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Фестиваль шеңберинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен биргеликте басып шығарылған «Өзбекстан Қаҳарманлары» китабының презентациясы болып өтти.

Онда Өзбекстан Қаҳарманлары, мәнаўият белсендилери, илимпазлар, зыялылар ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы, сенатор Минҳожиддин Мырза, Өзбекстан Қаҳарманлары Сәрсенбай Сейтназаров, Онесия Сайтова, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың қызы Айжамал Юсупова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен миллетимиздиң қаҳарманларына ҳүрмет сыпатында басып шығарылған китап-альбомның мазмун-мәниси, оның жасларымызды тәрбиялаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Бүгинги күни мәмлекетимиздиң раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосқан 103 ўатанласымыз «Өзбекстан Қаҳарманы» жоқары атағы ҳәм «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланған болса, соннан сегизи республикамыз ўәкили болып табылады.

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген руўхый-ағартыўшылық илажлар  республикамыздың қала ҳәм районларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери