Бүгинги күнде барлық министрликлер менен мәмлекетлик уйымларда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары жақсы жолға қойылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық хызмети уйымларында да ҳәр бир мүрәжаттың айрықша үйренилиўи, орынланыўы система басшылары тәрепинен қатаң қадағалаўға алынған.

– Басқармада мүрәжатлардың қабыл етилиўи, үйренилиўи ҳәм орынланыўы ҳаққында жуўап берилиўи бойынша жумыслар режеси ислеп шығылған,-дейди басқарманың  шөлкемлестириў жумысларын қадағалаў ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў бөлими бас инспекторы К.Пердебаев. – Бунда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларына өз ўақтында мүнәсибет билдириў, оларда көтерилген мәселелерге унамлы шешим табыў әҳмийетли.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымларында ҳәр бир мүрәжат ишки ҳүжжет айланысы системасы арқалы басшылардың қадағалаўында тийисли системаларға жибериледи. Бунда мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм шешиў бойынша анық мүддетлер белгиленип, тапсырманың орынланыў процеси басшылар тәрепинен электрон түрде бақлап барылады.

Мүрәжатларды аўыз-еки, жазба ҳәм электрон түрде қабыл етиў жолға қойылған болып, олар көлеми ҳәм түрине қарамастан, бирдей қаралып, нызамлы түрде, бюрократизм ҳәм немқурайдылыққа жол қойылмай, ашық-айдынлық принциплери тийкарында, нызамшылықта белгиленген мүддетлерде көрип шығылады.

Быйыл 6 ай даўамында мәмлекетлик салық уйымларына 9188 мүрәжат келип түсти. Соның 363 и жазба, 8814 и электрон ҳәм 11 и аўыз-еки түрде берилген.

Келип түскен мүрәжатлардың барлығы қадағалаўға алынған. 3627 жағдайда мүрәжат еткенлерге тийисли түсиндириў жумыслары алып барылды. 5178 мүрәжат бойынша анық шаралар көрилип, қанаатландырылды. Тийкарлаўшы фактлери болмаған 92 арзаны көриўден тийисли тәртипте бас тартылды. Ҳәзирги ўақытта 291 мүрәжат көрип шығылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги