Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Кинематография агентлиги, Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Республикалық «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы ҳәм Жазыўшылар аўқамы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығына бағышланған «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўына ҳүжжетлерди қабыл етиў даўам етпекте.

«Жаңа Өзбекстанда  ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған таңлаўға бул тапсырылған материаллар төмендеги бағдарларда жеңимпаз ҳәм призёрлар анықланады:

баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары;

телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары;

интернет-журналистика;

журналистлер тәрепинен басып шығарылған публицистикалық темадағы   китаплар;

жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;

сүўретлеў өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн жумыслары;

кино көркем өнери шығармалары.

Еслетпе: ҳүжжетлер info@jurnalistlar.uz  электрон почтасы арқалы да кабыл етиледи.

Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи керек:

автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат;

автордың паспорт нусқасы;

автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.

Таңлаўға 2021-жылдың 1-августынан 2022-жылдың 1-августына шекемги дәўирде жәрияланған материаллар – шығармалар усы жылдың 22-августына шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамы алдында сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде жәрияланады.

Дөретиўшилик жумыслар «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда өз дөретиўшилик бағдарлары бойынша төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек:

  1. Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, 100011. Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай. Тел: 90 990 35 80. 33 855 10 13. 71-244-62-89.
  2. Өзбекстан «Сүўретлеў айнасы» аўқамы, 100011. Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай. Тел: 71-244-11-64.
  3. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, 100066, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, Жазыўшылар қыябаны. тел. 71-231-83-49
  4. Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги, 100115, Ташкент қаласы, Чиланзар көшеси 1 «А» жай. Тел. 712778149.

Қарақалпақстан хабар агентлиги