Жақсы билемиз, сырт ел мәмлекетлик жоқары оқыў орнын питкерип алған диплом менен елимизде жумыс ислеў ушын оның тән алыныўына ерисиў керек.

Бул қандай әмелге асырылады ҳәм оның ушын қанша пул төленеди? Төменде бул сораўға жуўап табасыз.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдеги қарарына тийкарланып Сырт мәмлекетлерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бийпул әмелге асырылады.

Сырт мәмлекетлерде орта арнаўлы, кәсип өнер, жоқары билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў билими алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсеткени ушын базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги