ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен тийисли қәнигелер менен биргеликте көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Онда Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Р.Хыдырбаев, ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңесиниң аппарат баслығы З.Сапарова ҳәм басқалар райондағы Нурлы келешек мәкан пуқаралар жыйыны турғынларының мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаў даўамында қатнасыўшылар менен жеке сәўбетлесиў өткерилип, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
– Мен денсаўлығыма байланыслы бир мәртелик материаллық жәрдем бериўин сорап мүрәжат етим,-дейди пуқара Дина Кузенбаева. – Депутатлар маған мәҳәллеге тийисли ҳүжжетлерди тапсырыўым кереклигин түсиндирип, мәсләҳәт берди.
– Мен келинимниң үйин ремонтлаўға жәрдем көрсетиўин сорап мүрәжат еттим,-дейди мәҳәлледеги Н.Жапақов көшесинде жасаўшы пуқара М.Утемуратов. Мүрәжатымның шешими районлық сессияда көрип шығылып, «Сақаўат ҳәм жәрдем» фонды арқалы шешилетуғын болды. Бул ушын рахмет айтамыз.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен атап өтилген машқалалардың көпшилиги бойынша түсиник жумыслары алып барылған болса, айырым шешимин күтетуғын машқалалар үйренилип, шешими бойынша тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына депутатлық сораў жиберилетуғынлығы келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги