Президент Шавкат Мирзиёев 8-август күни Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиздиң Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы байланыслары раўажланып бармақта. Кейинги бес жылда олар менен сыртқы саўда көлеми 2,5 есеге көбейип, 6 миллиард доллардан артқан. Елимизде қоңсы мәмлекетлер капиталының қатнасыўында 1 мың 700 қоспа кәрхана ашылған.

Мәжилисте Орайлық Азия мәмлекетлери менен экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы жаңа жойбарлар ҳәм усыныслар көрип шығылды.

Мәмлекетимизде киши бизнести және де раўажландырыў мақсетинде аймақлардың инвестициялық тартымлылығы миллий рейтингин ислеп шығыў системасы да додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы көрип шығылған мәселелер бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА