4-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың  YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Дәслеп сенаторлар «Мәмлекет қарызы ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Нызам менен мәмлекет қарызы ҳәм оған хызмет көрсетиў қәрежетлериниң әҳмийетлилиги, мәмлекет қарызының шекленген көлемлери, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәмлекет қарызын басқарыўдағы ўәкилликлерин белгилеў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, нызамды ислеп шығыўда мәмлекет қарызын басқарыўда парламент ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў бойынша нәтийжели бир пүтин системаны жаратыўға итибар қаратылған.

Нызам менен мәмлекет қарызы суммасының жалпы ишки өнимге салыстырғанда ең жоқары муғдарының  60 проценттен аспайтуғыны, мәмлекет қарызы есабынан тек ғана социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Нызам нормаларына муўапық мәмлекет қарызын басқарыў тараўындағы Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлиси палаталары, Есап палатасы, Министрлер Кабинети, Орайлық банк ҳәм Қаржы министрлигиниң ўәкилликлери белгиленбекте.

Атап айтқанда, Қаржы министрлиги мәмлекет қарызын басқарыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленбекте.
Мәмлекет қарызы ҳәм мәмлекеттиң шәртли миннетлемелери бойынша хатларды басқарыў, мәмлекет қарызын басқарыўдың тийкарғы принциплери, мақсетлери ҳәм стратегиясы және мәмлекет қарызы бойынша миннетлемелердиң өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы, мәмлекет қарызын турақлы дәрежеде сақлаўға қаратылған нормалар анық белгилеп берилмекте.

Буннан тысқары, нызамда мәмлекетлик кепиллик бериў тәртиби, мәмлекетлик кепиллик берилмейтуғын жағдайлар, қарыз алыўшы-резидентлердиң миннетлемелери, мәмлекетлик кепилликти бийкарлаўға байланыслы қағыйдалар өз көринисин тапқан.

Атап өтилгениндей, мәмлекет қарызы бойынша миннетлемелердиң өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы Өзбекстан Республикасына қарыз алыўшы сыпатындағы исенимниң артыўына, бул болса өз гезегинде, келешекте зәрүр қаржылардың турақлы баҳаларда тартылыўына жәрдем береди.

Мәмлекет қарызы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм соның менен байланыслы процесслер ҳаққында пуқараларымызды толық хабардар етиў тәртиби де нызамда өз көринисин тапқан.

Усы мақсетте, Қаржы министрлиги тәрепинен мәмлекет қарызының жағдайы ҳәм өзгериўи ҳаққындағы мәлимлемелер жылдың ҳәр шерегинде өз рәсмий веб-сайтына жайластырылатуғыны белгиленген.

Мәмлекет қарызы ҳаққындағы мәлимлемениң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасының Турақ-жай кодекси додаланды.

Атап өтилгениндей, Кодексти ислеп шығыўда бир қатар унамлы мақсетлер, атап айтқанда, жәмийет талапларынан келип шығып, қурылыс, реконструкциялаў ҳәм бузыў жумысларын әмелге асырыў тәртибин және де жетилистириў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң турақ-жайдан пайдаланыўда нызамшылық ҳәм нормативлик ҳүжжетлерге әмел етиўдеги жуўапкершилигин арттырыў гөзленген.

Бирақ додалаўлар даўамында сенаторлар Кодексте айырым нормаларды қолланыў механизмлериниң жетерли ашып берилмегенин атап өтти.

Соның ишинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекетлик турақ жай фондындағы турақ жайларды юридикалық тәреплерге белгиленген мақсетте пайдаланыў ушын ижара шәртнамасының шәртлери тийкарында бериў ўәкиллигин әмелге асырыў тәртиби белгиленбеген. Бул болса ҳәкимият ўәкилликлеринен пайдаланыў ҳәм басқа да коррупциялық жағдайларға шараятлар жаратып береди.

Сондай-ақ, Кодексте белгиленген физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден турақ жайларды меншиклестириў жоллары, яғный жеке тәртипте қурыўшылардың ширкетлери тәрепинен турақ-жай қурыў ҳәм облигацияларды алыў жолларын тәртипке салыўшы әмелде ҳеш қандай нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жоқ екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, мүлк ийелери менен шәртнама тийкарында турақ жайдың бузылыўы ҳәм оның орнында жаңа турақ жай қурылысының мүмкин екенлиги, шәртнама нотариал тәртипте тастыйықланыўы ҳәм турақ жайды қурыў ушын зәрүр руқсатнама алынғаннан кейин күшке киретуғыны Кодексте көрсетилген болса да, шәртнаманың қайсы түри ҳаққында сөз болып атырғанлығы белгисиз болып қалған.

Өз гезегинде усы мәселелер шәртнамалық ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыўшы Пуқаралық кодексинде де өз көринисин таппаған.

Соның менен бирге, нызамшылық техникасы қағыйдаларына керекли дәрежеде әмел етилмеген. Айырым нормалар бир-бирине қарама-қарсы. Бир қатар статьялар менен мәмлекетлик уйымларға дискрециялық (шекленбеген) ўәкилликлер берилген және Кодексте қолланылған бир қатар силтеме берилген нормалар жетерли тийкарларға ийе емес. Өз гезегинде, бул жағдайлар ҳәр қыйлы унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Додалаў жуўмағында Кодекс жәмийет ушын әҳмийетли болған социаллық-экономикалық қатнасықларды тәртипке салатуғынын инабатқа алып, миллий нызам ҳүжжетлери, алдыңғы сырт еллер тәжирийбеси ҳәм ҳуқықтаныўшы илимпазлардиң пикирлерин терең таллаған ҳалда, Кодексти жетик дәрежеге келтириў мақсетке муўапық деп табылды.

Соның ушын Кодекс сенаторлар тәрепинен мақулланбады.

Соң «Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Додалаў процесинде нызамда қайта көрип шығылыўы зәрүр болған бир қатар мәселелер бар екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, Шаңарақ кодексиниң әмелдеги 13-статьясында кеширимли себеплер болғанда пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымы бир ай өткенге шекем некеден өтиўге руқсат берилиўи, айрықша жағдайларда, мәселен ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, бир тәрептиң кеселлиги ҳәм басқа да жағдайларда арза берилген күни некеден өтиўи мүмкин екенлиги атап өтилген. Бирақ көрип шығылып атырған нызам менен бул нормалар шығарып тасланбақта.

Оған тийкар сыпатында нызам менен киргизилип атырған басқа да өзгерислер көрсетилген. Атап айтқанда, келешекте некеден өтиў пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымларына арза бергеннен кейин бир ай өткеннен соң емес, ал арза бергенинен ҳәм белгиленген тәртипте медициналық тексериўден өткенинен кейин әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылған.

Бирақ, некеден өтиў пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымларына арза бергенинен ҳәм белгиленген тәртипте медициналық тексериўден өткенинен кейин қанша мүддет даўамында өткерилетуғыны белгисиз болып қалған.

Соған бола, бул норманың қабыл етилиўи айрықша жағдайларда, яғный ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, бир тәрептиң кеселлиги ҳәм басқа да жағдайларда арза берилген күнниң өзинде некеден өтиў имканиятын шеклеўге алып келиўи ҳәм бул өз гезегинде некеден өтиўши шахслардың ҳақылы наразылықларына себеп болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Шаңарақ кодексиниң әмелдеги 17-статьясына муўапық некеден өтиўши шахслар 50 жастан үлкен болса, сондай-ақ, айрықша жағдайларда, соның ишинде, ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, бир тәрептиң кеселлиги ҳәм  басқа да жағдайлар болғанда медициналық тексериўден өз келисими менен өткериледи.

Нызам менен киргизилип атырған өзгериске тийкарланып 50 жастан үлкен некеден өтиўши шахслар ямаса ортада баласы (балалары) болған некеден өтиўши шахслар ушын, сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаял ҳәм оның туўылатуғын баласын өз баласы деп тән алыўшы шахс ушын медициналық тексериўден өтиў ықтыярлы түрде болып есапланатуғыны көрсетилмекте.

Усы өзгерислерге тийкарланып, келешекте жоқарыда атап өтилген айырым шахслардың медициналық тексериўден өтиўи некеден өтиўши шахслардың тек ғана келисими менен емес, ал ықтыярлы түрде әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, әмелдеги редакцияда нәзерде тутылған бир тәрептиң кеселлиги бар жағдайлар Шаңарақ кодексине киргизилип атырған өзгерислер процесинде итибардан шетте қалдырылған. Бул болса өз гезегинде, усы категориядағы шахслар ҳуқықларының шеклениўине алып келеди.

Соның менен бирге Шаңарақ кодексине киргизилип атырған өзгериске бола некени дизимге алыўдың бир айлық мүддетин бийкарлаў және некеден өтиў пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымларына арза берилгенинен ҳәм белгиленген тәртипте медициналық тексериўден өтилгеннен кейин әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылмақта.

Бирақ бул норманы киргизиўде усыныслар жетерли дәрежеде тийкарланбаған, сондай-ақ, миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси терең үйренилип, талланбаған.

Соның ишинде, нызам интакерлери тәрепинен айырым сырт еллерде некени дизимге алыўдағы мүддетлердиң жоқ екенлиги ямаса олардың қысқа екенлиги билдирилген болса да, миллий нызамшылығымыз системасы өз-ара тығыз болған басқа бир қатар сырт ел ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде бул мүддетлер еле де бар. Мәселен Россия (1 айдан кем болмаған ҳәм 12 айдан көп болмаған мүддетте), Армения (1 айдан кем болмаған 3 айдан көп болмаған), Әзербайжан ҳәм Қазақстан (1 ай мүдетте) ҳәм басқа да көплеген мәмлекетлерде некеден өтиўде тийисли мүддетлер сақланып қалған.

Әмелдеги норма ҳәм қағыйдалар, яғный некени дизимге алыўдағы мүддетлердиң бар екенлиги некеден өтиўшилердиң өз қарарларын пухта ойлап көриўине, жаслар тәрепинен асығыслық пенен некеден өтиўге жол қоймаўға, оларды шаңарақлық турмысқа таярлаўға, мәмлекетте ажырасыўлар санының азайыўына имканият бериўи мүмкин екенлиги жағынан талқыланбақта ҳәм бул бойынша тийисли бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер де қабыл етилгенлиги атап өтилди.

Жоқарыдағыларға тийкарланып, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 2061-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Додалаўда нызамды ислеп шығыўда мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси, халықтың дәраматлары, олардың социаллық-психологиялық жағдайы, сондай-ақ, шаңарақларды сақлап қалыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усынысларының инабатқа алынбағанлығы сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

Атап айтқанда, ҳаял-қызларға зорлық көрсетиў мәселелери бойынша нызамшылықты ислеп шығыўға байланыслы БМШ усынысларында шаңарақтағы зорлық ислегенликте айыпланған шахсларға жәрийма салыўды жәбирлениўшиге түсетуғын жүк сыпатында қараў ҳәм соның ушын ҳуқықбузарлықлар ушын оптимал емес жаза түри сыпатында қараў керек екенлиги нәзерде тутылған.

БМШтың Ҳаял-қызларды кемситиўлерди сапластырыў бойынша комитети Өзбекстанның 6-дәўирлик есабаты бойынша жуўмақлаўшы усынысларында қорғаў көрсетпелерин орынламағаны ушын тийисли тыйып турыўшы усынысларында жаза илажларын қолланыў керек екенлиги атап өтилген.

Сондай-ақ, «Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы конвенциясы»ның 35-усынысында қорғаў илажларын қолланыў зорлықтан жәбирленген ямаса зорлық нәтийжесинде жәбирленген ҳаял-қызларға қаржылай, бюрократиялық ямаса жеке қәсийетке ийе ҳәдден тыс жүкти қолланыўды нәзерде тутпайтуғыны билдирилген.

Додалаў процесинде күш көрсеткен ҳәм (ямаса) зорлық ислеген ямаса оларды ислеўге бейим болған шахс тәрепинен қорғаў ордериниң талапларын орынламаў ушын белгиленген жаза әмелдеги жәбирлениўшиге жүк сыпатында түсип атырғанлығы атап өтилди.

Жергиликли ҳәм сырт ел экспертлериниң пикирине бола, күш көрсетиў ҳәм зорлық ислеген шахсты қорғаў ордерин бузғаны ушын жәриймаға тартыў «Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы конвенциясы»ның 2-статьясы (ҳаял-қызларға ҳәр қандай кемситиўши ҳәрекетлер ҳәм ҳәрекетлерди ислеўден өзин тыйыў) бойынша Өзбекстанның өз жуўапкершилигине алған миннетлемелерин бузыўына алып келиў итималын күшейтеди.

Бул болса өз гезегинде, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги көрсеткишлерине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Ҳүкиметтиң 2020-жыл 4-январьдағы «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 3-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 18-бәнтинде де күш көрсетиў ҳәм зорлық ислеген шахсқа зорлықтан жәбирлениўшини емлеў, мәсләҳәт бериў, жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайға жайластырыў қәрежетлерин, материаллық зыянды қаплаў және руўхый зыянды компенсациялаў миннетлемеси жүкленген.

Мәжилис даўамында шаңарақтағы күш көрсетиў ҳәм зорлықтың алдын алыў ушын тек ғана жуўапкершиликти арттырыў емес, ал биринши гезекте руўхый, тәрбиялық және шаңарақты келешекте ҳәр тәреплеме материаллық ҳәм бәркамал жасап кетиўин тәмийинлеў ушын тийисли системалы ҳәм логикалық байланыслы болған избе-из илажларды келтирип шығарыўшы нызам нормаларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жоқарыдағыларға тийкарланып, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 2061-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызамды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте «Судлар исиниң санластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, Пуқаралық процессуаллық кодекси, Экономикалық процессуаллық кодекс ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Додалаў процесинде нызамда қайта көрип шығылыўы зәрүр болған бир қатар мәселелер бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, нызамда суд ислерин жүргизиўде өтиниш хатын билдириў ямаса шағым етиў ўақтында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және адвокатлардың өз мүрәжатларын ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлерди электрон тәризде, соның ишинде, уйымлараралық электрон бирге ислесиў системасы арқалы судларға бериўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылған. Бирақ әмелдеги жынайый, ҳәкимшилик, пуқаралық ҳәм экономикалық нызамшылықта «мүрәжат ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер судқа электрон ҳүжжет түринде жиберилиўи мүмкин екен»лиги атап өтилген болып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, адвокатлар тәрепинен судқа электрон ҳүжжет тәризинде мүрәжат етиў бойынша шеклеў жоқ. Усы мүнәсибет пенен бул кодекслерге қосымшалар киргизиў мәселесин үйренип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, нызам менен Жынаят-процессуаллық кодекстиң 475-статьясына киргизилип атырған қосымшаға муўапық, ҳүким жәрияланғанынан кейин судтың рәсмий веб-сайтына еркин пайдаланылыўы шекленген режимде электрон ҳүжжет тәризинде жайластырылыўы ҳәм ҳүким жайластырылған рәсмий веб-сайттың электрон мәнзилине байланыслы силтеме   айыпланыўшыға, ақланған шахсқа олар судқа мәлим еткен телефон номерлерине «SMS-хабар» ямаса электрон мәнзилге электрон хабар арқалы жиберилетуғыны белгиленген.

Әмелиятта жынаят ислери бойынша судларда пуқаралардың жеке өмири ямаса мәмлекетлик сырлар менен байланыслы ислер де көрип шығылады. Бул ислер бойынша суд ҳүкиминиң электрон тәризде веб-сайтқа жайластырылыўы, оны келешекте басқа мағлыўмат пенен танысыўына руқсаты болмаған шахслар көриўи және өзиниң басқа мақсетлеринде оннан пайдаланыўына тийкар жаратыўы мүмкин екенлигин атап өтиў керек. Соның ушын бул мәселени және бир мәрте көрип шығыў мақсетке муўапық болып табылады.

Улыўма алғанда, нызам менен енгизилип атырған жаңа система бир қатар әмелий илажларды әмелге асырыў зәрүрлигин келтирип шығарады.

Соның ишинде, исте қатнасыўшы шахсларды олар судқа мәлим еткен телефон номерлерине «SMS-хабар» ямаса электрон мәнзилине электрон хабар арқалы хабардар етиў ҳәм хабардар етилгенлиги фактиниң дизимге алыныўы тәртибин ҳуқықый эксперимент түринде енгизиў, оның әмелиятта нәтийжелилигин баҳалаў, суд ҳәм адвокатура, ҳуқық қорғаўшы уйымлар бул тәртипти толық қолланыў бойынша әмелият да жолға қойылмаған.

Буннан тысқары, халықтың енгизилип атырған система бойынша пикирин де үйрениў зәрүр.

Соның ушын, бул системаны ҳуқықый эксперимент тәризинде айырым аймақларда енгизиў ҳәм сынақтан өткериў мәселесин көрип шығыў мақсетке муўапық.

Жоқарыда билдирилгенлерди есапқа алып, бул нызамды бийкарлаў ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң ишки ислер уйымларының жумысына байланыслы пәрманлары ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Ҳәкимшилик қамақты өтеў тәртиби ҳаққында»ғы нызамларына және Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылады.

Атап айтқанда, нызам менен Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министриниң, Ташкент қаласы  ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер бас басқармаларының, ўәлаятлар ишки ислер басқармаларының баслықлары, олардың орынбасарлары ҳәр шеректе тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине есабатлар усыныў тәртиби енгизилмекте.

Соның менен бирге, районлық, қалалық ишки ислер бөлимлериниң баслықлары – ҳәр шеректе ҳәм олардың орынбасарлары – ҳәр айда, мәҳәлле ҳуқық-қорғаў пунктлериниң профилактика аға инспекторлары – ҳәр алты айда халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине есабатлар усыныў тәртиби белгиленбекте.

Буннан тысқары, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы нызамға ишки ислер уйымлары системасында жумыс алып барып атырған мәҳәле ҳуқық-қорғаў пунктлериниң ҳуқықый статусы ҳәм тийкарғы ўазыйпаларын белгилеўге қаратылған қосымшалар киргизилмекте.

Соның шинде, нызамға мәҳәлле ҳуқық-қорғаў дәргайы ҳаққындағы норма киргизилип, онда мәҳәлле ҳуқық-қорғаў пунктлериниң жәмийетлик тәртибин сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша ишки ислер ҳәм басқа да ҳуқық-қорғаў уйымлары және жәмийетлик структуралардың мәҳәллелер кесиминде биргеликте ислеўин шөлкемлестириў бойынша ишки ислер уйымларының қурамлық структурасы болып есапланатуғыны белгиленбекте.

Бул нызам ишки ислер уйымлары жумысының ашық-айдынлығы, сондай-ақ, олардың жумысын халық ўәкиллери тәрепинен қадағалап барыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратып, ишки ислер уйымларының халық ўәкиллери алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм олардың өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиўге, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик тараўында көрилип атырған илажлар нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың 29-жалпы мәжилисинде биринши мәрте Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында миллий баянат кеңнен додаланды.

Мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директоры тәрепинен мәмлекетте коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Додалаўлар даўамында сенаторлар тәрепинен усы тараўда әмелге асырылған реформаларға қарамастан, коррупциялық жағдайлардың көбейгенлиги сынға алынды.

Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында республикамыз бойынша бюджет буйыртпашылары тәрепинен 458 таңлаўда «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы ҳәм «Бәсеки ҳаққында»ғы нызамлар талаплары бузылған.

Додалаўлар даўамында Сенат ағзалары тәрепинен Министрлер Кабинети, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм бир қатар министрликлерге коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысларын және де жетилистириўге қаратылған усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлердеги ишки қадағалаў структураларының бийғәрезлигин тәмийинлеўши нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығыў ҳәм олардың жумысын және де жетилистириў, «ашық-айдын ҳәм есап бериўши аймақ» ҳәм «ашық-айдын ҳәм есап бериўши министрлик» жойбарларын әмелге асырыў, вакант жумыс орынлары ҳәм оларға қойылатуғын талаплар ашық жәрияланыўын қатаң тәмийинлеў, коррупцияға қарсы комплаенс қадағалаў системасын маман ҳәм ҳадал кадрлар менен толықтырыў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы үстинен избе-из қадағалаўды тәмийинлеў және коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң жумысын және де жетилистириў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы илажларды ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў усыныс етилди.

Додалаўлар процесинде билдирилген усыныслар Сенат қарарында сәўлелендирилди.

Сенаторлар жәлпы мәжилистиң биринши жумыс күни даўамында 7 мәселени, соның ишинде, 6 нызамды көрип шықты.

Усының менен 29-жалпы мәжилистиң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети