Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-август күни мәмлекетлик хызметти реформалаў ҳәм басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Негизинде, бул кейинги жылларда әмелге асырылып киятырған ҳәкимшилик реформалардың логикалық даўамы болып есапланады. Президентимиздиң халықшыл сиясаты себепли мәмлекетлик хызметкерлер халыққа бираз жақынласты. Халықты тыңлаў, қаржыларды адамлардың талабына қарап бағдарлаў, «мәҳәлле кесиминде» жумыс ислеў системалары жолға қойылады. Хызметкерлерге нәтийжели жумысы ушын мүнәсип шараятлар жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис палаталары қоспа мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде «гезектеги әҳмийетли ўазыйпа – орайлық уйымларды трансформациялаў арқалы пуқараларға хызмет ететуғын ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасын жаратыў» екенин атап өткен еди.

Ҳәзирги күнде бул тараўда 118 мың адам мийнет етип атыр. Бирақ, нәтийжелилик бойынша айтқанда, еле мәмлекетлик хызмет халықты разы ететуғын системаға айланғаны жоқ.

Мысал ушын, өткен жылы Халық қабыллаўханаларына министрликлер ҳәм ҳәкимликлер хызметкерлериниң билимсизлиги ҳәм жуўапкерсизлиги ҳаққында 25 мың, олардың қарым-қатнас мәдениятының жетиспеўшилигине байланыслы 7 мыңға шамалас шағым келип түскен.

Қәбилетти анықлаў, оқытыў, жумысты жақсылаўға үйрететуғын тутас системаның болмағаны ушын айырым жуўапкерлер ўазыйпаларды еплей алмай атыр. Улыўма етип айтқанда, басшыларды таңлаў, таярлаў ҳәм мотивация бериў жолға қойылмағаны орынлаўдағы иркинишлердиң тийкарғы себеплеринен бири болып қалмақта.

Сол себепли жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин тартып, еки жыл даўамында терең додалаўлар тийкарында «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы нызам таярланды.

Мәжилисте бул нызамда нәзерде тутылып атырған талаплардан келип шығып, мәмлекетлик уйымлар алдында турған тийкарғы ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Бәринен бурын, мәмлекетлик уйымларға жумысқа қабыллаўдың ашық-айдын системасының енгизилетуғыны атап өтилди. Усы мақсетте жылдың ақырына шекем барлық вакант лаўазымлар ашық бирден-бир платформаға жайластырылады. Бос лаўазымға таңлаўда қатнасыў ушын ҳәзирги күнде талап етилип атырған 16 ҳүжжет соралмайды, барлық процесслер электрон түрге өткериледи. Талабанның билими, тәжирийбеси ҳәм потенциалы ашық таңлаў арқалы анықланады.

Бул система тәжирийбе тәризинде, Самарқанд ўәлаяты ҳәм Мәмлекетлик салық комитетинде сынақтан өткерилген. Мәжилисте бул ўәлаят ҳәм комитет жуўапкерлери оның нәтийжелери ҳаққында айтып берди. Ҳәр бир министрликлер ҳәм ҳәкимликлер кадрлар таңлаўды жоқары оқыў орынларынан баслаўы керек екенлиги атап өтилди.

Бул тәжирийбени системалы жолға қойыў ушын Жас қәнигелерди таңлаў бағдарламасы жәрияланатуғын болды. Бағдарлама шеңберинде питкериўши курсларда оқып атырған қәбилетли студентлер таңлап алынып, министрликлер ҳәм ҳәкимликлер системасында стажировка өтейди ҳәм оқыўды питкергеннен кейин, жумысқа қабыл етиледи. Оған сырт елде оқып атырған жаслар да қамтып алынады.

Таллаўлар бойынша, министрликлер орайлық аппараттағы басшылардың 40 проценти район басқышын көрмеген, район көлеминдеги басшылардың 60 проценти болса ўәлаят ямаса республика уйымларында жумыс ислемеген.

Сол себепли Президент мәмлекетлик уйымларда «мәҳәлледен – республикаға шекем» принципи тийкарында кадрларды өсириўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенин атап өтти.

Буның ушын 1-ноябрьден баслап, ески үлгидеги мағлыўматнамадан ўаз кешип, хызметкердиң маманлығы ҳәм ерискен нәтийжелерин алдынғы технологиялар тийкарында баҳалайтуғын системаға өтиледи. Әпиўайы етип айтқанда, басшылыққа тосыннан келип қалыўдың алды алынады.

Сондай-ақ, район ҳәм қала дәрежесиндеги басшылық ушын Потенциаллы кадрлар резерви дүзиледи, оған талабанлар тек ғана мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери арасынан таңлап алынады. Компетенциясына қарап, олар ушын мақсетли қәнигелик арттырыў курслары шөлкемлестириледи.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Жаслар ислери агентлигине «Ўатанласлар» қоры менен бирге «100 алдынғы жетекши» бағдарламасын әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды. Бул бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик хызметкерлер, белсенди исбилерменлер, сырт елдеги ўатанласлар арасынан потенциаллы жас кадрлар таңлап алынады.

Бизге белгили, мәмлекетимизде «инсан – жәмийет – мәмлекет» деген принцип үстин етип белгиленген. Барлық тараўларда адамларға қолайлық жаратыў илажлары көрилмекте. Атап айтқанда, лицензия алыў, хызметлерге буйыртпа бериў, ҳәр қыйлы уйымларға ҳүжжет тапсырыў, төлем системалары бираз қолайласты.

Бирақ, еле көп тараўларда қағазпазлық бар. Мәселен, субсидиялар ушын орташа 10 министрликлер ҳәм уйымлардан жуўмақ алыў керек. Электр тармақларына жалғаныўда да артықша қәрежет ҳәм бюрократия көп. Медицинада қайсы хызмет бийпул ямаса төлемли болыўы, мәмлекеттен берилетуғын дәри-дәрмақлардың есап-санағы ҳәм ийесине жетип барыўы анық бир системалы емес. Қурылыс, транспорт, коммунал хожалығы, стандарт, карантин уйымларында да халық ҳәм исбилерменлик жумысының питкерилиўи қыйын болған процесслер оғада көп.

Сол себепли Бас министрге ҳәр бир министрликлер ҳәм ҳәкимликлерде хызмет көрсетиў процесслерин түсиникли ҳәм қолайлы тәризге келтириў, артықша қәрежетлер ҳәм ҳүжжетлерди қысқартыў бойынша көрсетпе берилди.

– Онда бирден-бир өлшем – адамлардың разылығын алыў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пүткил халқымыз елдиң раўажланыўына бийпәрўа емес, мәҳәлле ислеринде белсене қатнаспақта. Мәселен, «Ашық бюджет» порталы арқалы халықтың басламалары турмысқа енип атыр. Усы жылдың биринши ярымында 2 мыңнан аслам мине усындай жойбарлар басланды. Ең әҳмийетлиси, адамлар оларға өзлерин байланыслы билип, қурылған инфраструктураны қәстерлеп сақлап пайдаланып атыр.

Соңғы алты айда бундай жойбарлар ушын және 1 триллион сум ажыратылыўы мөлшерленген. Сол себепли жуўапкерлерге халықтың пикири тийкарында исленетуғын жойбарлар көлемин кеңейтиў бойынша тапсырма берилди.

Экономикада жеке меншик сектор өсип атырған сайын маман кадрларға талап артып бармақта. Бул бәсеки базарында мәмлекетлик хызмет те тартымлы болыўы керек.

Сол себепли Президентимиз мәмлекетлик хызметкерлер жумысының кепилликлери де күшейтилетуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, келеси жылдан хызметкердиң тәжирийбеси, маманлығы ҳәм ерискен нәтийжесине қарап, хошаметлеў системасы енгизиледи. Олардың турмысы ҳәм денсаўлығы мәмлекет есабынан қамсызландырылады. Өз ўазыйпаларын ҳадал ҳәм пәк орынлап атырған мәмлекетлик хызметкерлер ушын кекселикти мүнәсип өткериў кепилликлери жаратылады.

Мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Усы ўақытқа шекем мәмлекетлик хызметкерлердиң дерлик 20 проценти маманлық арттырған. Оқытыў сапасы да заман талабы дәрежесинде емес.

Соның ушын сырт ел оқыў орайлары менен бирге қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди. Министрликлер системадағы 110 маманлық арттырыў орайының жумысын қайта көрип шығып, оқытыў бағдарламалары ҳәм методикаларын жаңалаў, оларға маман қәнигелерди тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, тармақ ҳәм аймақ басшылары, сырт елли шериклердиң пикирлери тыңланды.

ӨзА