Кеше Қазақстан пайтахты Нур-Султан қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында Азия чемпионаты басланды.
Бул жарысқа қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары дәслепки күнниӊ өзинде 3 медалды қолға киргизиўге еристи.
Атап айтқанда, Диёра Келдиёрова 52 кг салмақта гүреске түскен барлық қарсыласларын жеӊип шығып, екинши мәрте Азия чемпионы атағына миясар болды. Соны айрықша атап өтиў керек, Диёра финаллық ушырасыўда еки мәрте жәҳән ҳәм Азия чемпионы, япониялы Аи Шишимеди иппон баҳасы менен жеӊиўге еристи.
Ал, 57 кг салмақта қатнасқан Нилуфар Ермағанбетова ҳәм 66 кг салмақтағы палўанымыз Муҳриддин Тиловов чемпионаттыӊ қола медалын жеӊип алып, сайланды командамыздыӊ медаллар санын үшеўге жеткерди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы