Бүгин, 5-август күни футбол бойынша Англия чемпионатыныӊ 124-мәўсимине старт бериледи.

Пүткил дүньяда өзиниӊ миллионлаған жанкүйерлерине ийе бул чемпионаттыӊ дәслепки ойыны Англия пайтахты Лондон қаласында болып өтеди.

Онда “Кристал Пэлас” өз майданында “Арсенал” клубы футболшылары менен өз-ара күш сынасады. Ойын мәмлекетимиз ўақты менен саат 23:59 да басланады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Англия чемпионатында  еӊ көп чемпион болған клуб бул “Манчестер Юнайтед” болып, оныӊ есабында 20 чемпионлық бар.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы