Бокс бойынша аўыр салмақтағы жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионы, Өзбекстан Республикасыныӊ бүгинги күндеги мақтанышы Баҳадир Жалолов профессионал боксте де өзиниӊ күшли соққылары менен рингтеги қарсыласларын диз бүктирип келмекте.

Жақында боксшиниӊ тренери Тўлқин Қиличев Оlamsport.com сайтына берген интервьюинде аўыр салмақтағы профессионал боксшимиз Баҳодир Жалоловтыӊ ҳәр бир беллесиў ушын қанша гонорар алатуғынлығын айтып берди.

Оныӊ сөзлерине бола, Жалолов ҳәр бир беллесиўден 50-60 мыӊ АҚШ доллары муғдарында  гонорар алар екен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги