Кеше Европа Чемпионлар лигасында 3-таӊлап алыў басқышынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.

Онда Әзербайжанныӊ «Карабах» командасы Венгрияныӊ «Ференцварош» клубы менен ушырасып, онда  ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды.

Ал, Норвегияныӊ «Буде-Глимт» ҳәм Литваныӊ «Жальгирис» клублары арасындағы ойында норвегиялылар 5:0 есабында жеӊиске еристи.

Украинаныӊ «Динамо Киев» ҳәм Австрияныӊ «Штурм» клублары арасындағы ушырасыў болса, 1:0 есабында киевлилердиӊ пайдасына шешилди.

Сондай-ақ, бул турда Израилдиӊ «Маккаби Хайфа» клубы Кипрдиӊ «Аполлон», Сербияныӊ «Црвена Звезда» сы Арменияныӊ «Пюник» командасы менен өз-ара ойнап, онда майдан ийелери 4:0 ҳәм 5:0 есабында жеӊислерди қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы