Бурын хабарлағанымыздай, ҳәзирги күнлери Россия Федерациясыныӊ Владивосток қаласында  VII «Азия балалары» спорт ойынлары болып өтпекте.

Бул жарыстыӊ жетинши күнин сайланды командамыз ағзалары алтын медал менен баслады.

Атап айтатуғын болсақ, ПП2 пневматик пистолеттен 10 метрден оқ атыў жарысларында Вениамин Никитин еӊ жақсы нәтийже көрсетип, алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.

Ҳәзирги ўақытлары жарыслар даўам етпекте. Бүгинги күнге келип Өзбекстан сайланды командасы улыўмалық есапта  2-орынды ийелеп тур.

Қарақалпақстан хабар агентлиги