Ҳиндстанныӊ Ченнаи қаласында өткерилип атырған пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасында 6-тур ойынлары болып өтти.
Онда ҳаял-қызлар сайланды командамыз Шотландиялы қызлар менен ойын өткерип, онда 4:0 есабында жеӊип шықты.
Ал, жигитлеримиз болса, майдан ийелери менен 2:2 есабында ойнаўға еристи.
Бул ойынларда командамыз ағзаларынан Шамсиддин Воҳидов өз қарсыласын жеӊип шыққан болса, Нодирбек Абдусаттаров жеӊилиске ушырады. Жавоҳир Синдоров ҳәм Нодирбек Ёқуббоевлар болса, ҳиндстанлы шахматшылары менен теӊбе-теӊ ойнады.
6-турдан соӊ өзбекстанлы жигитлер 4-орында киятырған болса, қызларымыз 14-орынды ийелеп тур.
5-август күни 7-тур ойынлары болып өтеди. Онда жигитлеримиз Перу, қызларымыз Сербияға қарсы ойын өткереди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы